Өзбекстанда футбол тараўы санластырылады

    Президенттиң "Өзбекстанда футбол тараўын санластырыў ҳәм ғалабалығын және де арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-262-санлы, 21.08.2025-ж.) қабыл етилди.

    Елимизде футболды буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

    материаллық-техникалық базаны халықаралық талапларға бейимлестириў ҳәм футбол майданшаларын көбейтиў арқалы футбол менен турақлы шуғылланыўшылардың санын арттырыў;

    қәбилетли футболшыларды таңлап алыў, оларды профессионал футболшы сыпатында таярлаў системасын толық санластырыў.

    Қарарға бола, "Миллий футбол электрон платформасы" мәлимлеме системасы жаратылады.

    2026-жыл 1-январьдан тәжирийбе-сынақ түринде футбол академиясы ҳәм мектеплериниң оқыў шынығыўларын онлайн бақлаў, футболшылар селекциясы және медициналық ҳәм физикалық көрсеткишлерин мониторинг етиў усы мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.

    2026-жыл 1-марттан футбол ойынларына билетлерди сатып алыў шахсты идентификациялаў ҳәм матрицалы штрих-код (QR код) технологияларын қолланыўды нәзерде тутатуғын арнаўлы онлайн мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates