"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ҳаўа температурасы бүгин күндиз 36-41 дәрежени, 8-9-июль күнлери 33-38 дәрежени, 10-11-июльде 31-36 дәрежени қурайды. Өзбекстанның қубласында да температура төменлейди ҳәм жумыс ҳәптесиниң ақырына келип температура 37-40 дәрежени қурайды.
Республика аймағының үлкен бөлегинде жаўын-шашын күтилмейди. Тек ғана Ферғана ойпаты ўәлаятларында, сондай-ақ, таў алды ҳәм таўлы аймақларда 9-10-июль күнлери қысқа мүддетли жаўын жаўыўы итималы бар.
Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. 7-июль күни температура тийкарынан 39-41 градус, 8-9-июльда 35-38 градус, 10-11-июльда 32-37 градус болады.









