Атап өтилиўинше, 2025-жыл 1-марттан баслап Өзбекстанға алып кирилетуғын пальма майы және қурамында пальма майы ҳәм май кислоталарының транс изомерлери болған өнимлерге, соның ишинде, сүт ҳәм сүтти қайта ислеўден алынған өнимлерге санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақларды рәсмийлестириўде бар аккредитацияланған сынаў лабораторияларында белгиленген тәртипте пальма майы ҳәм оның фракциялары әмелдеги техникалық регламент ҳәм стандартлар талапларына муўапық мәжбүрий сынақтан өткериледи.
Сондай-ақ, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетине белгиленген тәртипте азық-аўқат шийки заты, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў ҳәм сатыў бойынша жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер өткериў процесинде пальма майынан техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер талаплары тийкарында пайдаланыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў тапсырылды.