Өзбекстанда соңғы бир айда жынаятшылық 29 процентке азайды

    19 тамыз 2025 793

    ИИМ журналистлерге усы жылдың 15-июль - 15-август күнлери өткерилген "Қәўипсиз ҳәм саламат ел" айлығының екинши басқышының нәтийжелерин мәлим етти.

    Баспасөз конференциясында айтылыўынша, бул илаж даўамында 14 167 оператив-излеў ҳәрекетлери өткерилди ҳәм:

    • 2 599 нәшебентлик,
    • 1 576 шөлкемлескен жынаятшылық,
    • 1 650 коррупция ҳәм
    • 4 653 басқа ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланды.

    Нәтийжеде:

    • 557,5 кг нәшебентлик зат,
    • 376,5 мың дана күшли тәсир етиўши дәрилер,
    • 10,5 мың түп нызамсыз өсимликлер конфискация етилди.

    Сондай-ақ, 91 гиреў алыўшы, интернет арқалы тарқатылған 1 751 "наркограффити" әшкараланды.

    Жынайый топарлардан 858 пневматикалық қурал, 2 716 аң қуралы ҳәм мыңлаған оқ-дәрилер алынды.

    Соның менен бирге, 1 033 излеўдеги шахс қолға алынып, 584 бийдәрек жоғалған пуқара шаңарақларының қушағына қайтарылды.

    Жәмийетлик орында алып жүриў қадаған етилген 14 936 суўық қурал (соннан 14 091 пышақ, 352 кастет, 493 басқа да буйым) конфискация етилди.

    Профилактикалық жумыслар шеңберинде 263 765 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық анықланды. Судланған шахслар менен 211 796 сәўбетлесиў өткерилип, 1 444 и ҳәкимшилик қадағалаўға, 125 859 ы профилактикалық есапқа алынды.

    Пробация қадағалаўындағы 228 224 шахс тексерилип, 1 808 ниң жазасы аўырлаў түрге өзгертилди, 1 030 ы жазаны орынлаў мәкемесине қайтарылды. Сондай-ақ, 1 398 "көшпели суд"да 7 827 шахс мүддетинен алдын азат етилди.

    18 815 нәшебентлик ҳәм алкоголизмге шатылған шахс мәжбүрий емлениўге, 64 610 мәс ҳалдағы пуқара сергекханаға, 1 285 пуқара реабилитация орайына, 4 799 бала жас өспиримлер орайына жайластырылды.

    Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша 707 мың қағыйдабузарлық дизимге алынды, 85 мың автотранспорт қуралы жәрийма майданшасына қойылды. Жолларда 18,7 мың белги, 270 светофор, 772 мың метр сызықлар, 580 пиядалар өтиў орны жаңадан шөлкемлестирилди.

    Айлық шеңберинде 153 816 видеобақлаў камерасы орнатылып, 6,3 мың дүкан, 5,9 мың шаңарақ техникалық, 2 031 обект физикалық қорғаўға алынды.

    Алып барылған жумыслардың нәтийжесинде мәмлекет бойынша жынаятлар саны өткен айға салыстырғанда 29 процентке, алдын алыў мүмкин болған жынаятлар болса 39 процентке азайды.

    Соның менен бирге, ишки ислер уйымларының басламасы менен жынаятларды анықлаў 50 процентке артты.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates