Өзбекстанлы балалар Әзербайжандағы халықаралық фестивальда Гран-при жеңимпазы болды

    Әзербайжанның Баку қаласында II “Viva Azerbaijan” халықаралық таңлаў-фестивалы болып өтпекте.

    Мәденият министрлигиниң мағлыўматына бола, Өзбекстан атынан қатнасқан "Томоша" балалар музыкалы театр-студиясы усы таңлаўдың Гран-при ийеси болды.

    Грузия, Монголия, Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, БАӘ ўәкиллери қатнасқан бул таңлаўда "Томоша" театр-студиясы өзбек миллий үрп-әдетлери менен бир қатарда түрли миллетлердиң мәдениятын өз ишине алған театрластырылған фольклор тамашасын көрсетти.

    Ең жоқары орынға ылайық көрилген ўатанласларымыздың бағдарламасы пүткил дүньядан жыйналған тамашагөйлердиң алғысына ерисип, қәнигелер тәрепинен таңлаўдың ең шырайлы ҳәм жарқын шығыўы деп тән алынды.

    Өзбекстанда хызмет көрсеткен жаслар тренери Нодира Қурбонова басшылығындағы "Томоша" балалар музыкалы театр-студиясының жас дөретиўшилери 2024-жылы Дубай қаласында өткерилген “Dubai Grand Festival” халықаралық балалар театрлары таңлаўында да Гран-при жеңимпазы болған еди.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates