баннер
21 Mar 2025
16:16

    Өзбекстанлы төрешилер Жәҳән чемпионаты шеңбериндеги ушырасыўларда жумыс алып барады

    Илгиз Танташев басшылығындағы төрешилер топары 25-март күни Жәҳән чемпионаты 3-саралаў басқышы шеңбериндеги Қубла Корея ҳәм Иордания арасындағы әҳмийетли ушырасыўды басқарады.

    Бул беллесиўде Танташевқа қанат төрешилери Андрей Сапенко ҳәм Тимур Гайнуллин жәрдем береди. Орынбасар рефери сыпатында Рустам Лутфуллин, ВАР системасында болса Фирдавс Норсафаров ҳәм оның жәрдемшиси Аҳрол Рисқуллаев жумыс алып барады.

    2027-жылғы Азия кубоги сайлап алыўы шеңберинде Тәжикстан ҳәм Тимор-Лесте сайланды командалары арасындағы ушырасыўда өзбекстанлы тәжирийбели қәниге Валентин Коваленко инструктор сыпатында жумыс алып барады.

    20-март күни болып өтетуғын Жәҳән чемпионатының 3-сайлап алыў басқышы шеңбериндеги Япония - Бахрейн беллесиўинде болса Владислав Сейтлин инструктор сыпатында жумыс алып барады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech