Агентлик директорының орынбасары Азимжон Ҳусанов пенен New Future Success Academy халықаралық мийирбийкелерди таярлаў оқыў орайының Өзбекстандағы басқарыўшы менеджери Фозилбек Хонхўжаев арасында ушырасыў өткерилди.
Тәреплер Америка стандартлары бойынша мийирбийкелерди тест сынақларына таярлаў орайын мәмлекет аймағында ашыў ҳәм имтихан орайын шөлкемлестириў мәселесин додалады. Бул орай ҒМДА ҳәм қоңсы мәмлекетлердеги бирден-бир орай болатуғыны атап өтилди.
Жойбар нәтийжесинде, имтиханлардан табыслы өткен талабанларды АҚШта бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин болады. Агентликтиң атап өтиўинше, 2030-жылға шекем Қурама Штатларда 1 миллионнан аслам мийирбийкелерге талап бар. Жоқары маманлықтағы мийирбийкелерге жылына 44 мың нызамлы жумысшы визасы ажыратылады.
Ушырасыў жуўмағында New Future Success Academy компаниясы ҳәм Миграция агентлиги арасында меморандумға қол қойылды. Ҳүжжет медицина тараўында талабанларды таярлаўды нәзерде тутады.