Усы жылдың 18-август күни "Жаңа Өзбекстан" бағында 2 000 жас инженер бир ўақыттың өзинде 2 000 роботты жыйнап, иске қосады. Студент-жасларымыз бул жумысы менен Гиннестиң рекордлар китабына кириўи күтилмекте.
Бул ҳаққында Президент Администрациясы басшысының билимлендириўди реформалаў бойынша орынбасары Ҳилола Умарова өзиниң телеграм каналында мәлим етти.
Атап өтилиўинше, илажда пайтахтымыздағы ҳәм республиканың түрли аймақларынан келген мыңлаған жаслар қатнасады. Олардың арасында Президент мектеплериниң оқыўшылары, имканияты шекленген жас инженерлеримиз де бар.
Мағлыўмат ушын, 2023-жылы Ҳиндстанда 1 459 оқыўшы бир ўақыттың өзинде мини-робот ислеген. Жасларымыз бул көрсеткиштен жоқарыға шығыўды режелестирмекте.









