Өзбекстанлыларға немис тилин үйрениў, Германияда жумыс ҳәм жасаў орынларын тәмийинлеўде жәрдем бериледи

    Германия мийнет базарына Өзбекстаннан қәнигелерди тартыўға қаратылған үш тәреплеме түсинисиў меморандумына қол қойылды.

    Бул ҳаққында "Дунё" МА мәмлекетимиздиң Берлиндеги елшиханасына сүйенип хабар бермекте.

    Қол қойылған меморандумға бола, немис тәрепи елимиз қәнигелерин гастрономия, азық-аўқат логистикасы, логистика ҳәм гөш өнимлерин қайта ислеў санааты тараўларында Германия кәрханаларында ислеўге таярлаў ушын дуал кәсиплик билимлендириў оқыў орынларында оқыў процесин жеңиллетиў мақсетинде тил курсларын усынады.

    Сондай-ақ, сайланды қәнигелерге виза ҳәм басқа да ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, Германияда күтип алыў, жумыс ҳәм жасаў орынларын тәмийинлеў ҳәм дизимнен өткериў жумысларында жақыннан жәрдем береди.

    "Ташкент қаласында компаниямыздың "International People Education GmbH" тил оқыў орайы өз жумысын баслады. Ҳәзирги күнде оқыў орайында немис тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша халықаралық тил сертификатларын алыў ушын мөлшерленген тил курслары ҳәм кәсипке бағдарланған арнаўлы тил курсларына қатнасыў имканияты бар", - деди оқыў орайының басшысы Акбар Фахриев.

    Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде Инклюзив дуал билимлендириў орайы "International People IP GmbH and Co. KG" менен шерикликте ашылды.

    Немис компаниясы делегациясының усы жыл апрель айында Өзбекстанға сапары, "German Sparkassenstiftung for International Cooperation" ўәкилханасы ҳәм "Микрокредитбанк" пенен биргеликте әмелий ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўы күтилмекте.

    Бул меморандум Өзбекстан ҳәм Германия арасында қол қойылған миграция ҳәм мобиллик тараўында кең көлемли бирге ислесиў ҳаққындағы келисимниң орынланыўын тәмийинлеў жолындағы гезектеги әмелий қәдемлерден бири болып хызмет етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates