Өзбекстанның жаңа елшиси Түркменстан сыртқы ислер министрлигине исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды

    Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшиси Равшанбек Алимов Түркменстан сыртқы ислер министри Рашид Мередовқа исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды, деп хабар бермекте "Дунё" ХА.

    "Туркменпортал" интернет-мәлимлеме ресурсының тарқатқан мағлыўматларына қарағанда, Түркменстан сыртқы ислер министри елшини жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлап, оның дипломатиялық жумысын әмелге асырыўда түркмен тәрепи ҳәр тәреплеме жәрдем ҳәм көмек бериўге таяр екенин билдирди.

    Сөйлесиў алдында қатнасыўшылар еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли мәмлекетлераралық сөйлесиў жоқары дәрежеде екенин айрықша атап өтти, деп атап өтилген басылымда.

    Тәреплер регионаллық ҳәм глобал күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша позицияларының уқсаслығын, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық шериклик табыслы раўажланып атырғанын билдирди.

    Еслетип өтемиз, елши Равшанбек Алимов 29-ноябрь күни Түркменстан пайтахтына келди. Ол 2020-2024-жыллары Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы ўазыйпасын атқарған. Равшанбек Алимов буннан алдын Өзбекстанның Украинадағы ҳәм орынбасарлық тийкарында Молдовадағы елшиси, сондай-ақ, Франциядағы ҳәм орынбасарлық тийкарында Португалиядағы елшиси лаўазымларында жумыс алып барған.