Өзбекстан Президенти Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасарын қабыллады

    Сиясат 10 маусым 2025 1571

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент халықаралық инвестициялық форумы шеңберинде Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Нокергули Атагулиевти қабыллады.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Саўда-экономика, транспорт-коммуникация, энергетика, суў хожалығы тараўларында кең көлемли бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў, экономиканың түрли тармақларында кооперацияны күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Болажақ Аймақлар форумы және бир қатар биргеликтеги исбилерменлик ҳәм мәдений илажларға пуқта таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates