“Ўзбеккосмос” дала өртлерин баклаў имканын бериўши порталын иске түсирди

    1 шілде 2025 4371

    Жаз мәўсими басланыўы, яғный күнлер жылыўы менен атызларда түрли өртлер жүз береди. Әсиресе, бийдай масақлары жыйнап-терип алынғаннан соң, айырым фермерлер ямаса халық олардың пақалын ҳеш екиленбестен өртеп жибереди.

    Тилекке қарсы, атызлардағы өрт ҳаўаны патаслайды. Өрт ўақтында көп муғдардағы углерод оксидлери, түтин ҳәм зәҳәрли газлер атмосфераға шығады. Бул тек ғана ҳаўаны емес, ал адамлардың саламатлығын да қәўипке қояды.

    Өртлер шөллениўди тезлестиреди, өсимлик ҳәм ҳайўанлар жасаў орталығын жоқ етеди. Қуслар, майда сүт емизиўшилер ҳәм шыбын-ширкейлер жәбир көреди.

    Әсиресе, өрттен кейин жердиң жоқары қатламы күйип кетеди, өнимдарлық төменлейди. Эрозия күшейеди, суўғарыў ҳәм қайта тиклеў қыйынласады. Ең ашынарлысы, үлкен майданлардағы өртлер глобал ысыўды күшейтеди.

    Атыз өртлериниң тәбийғый орталыққа үлкен зыян келтиретуғынын көпшилик биледи, бирақ бул ҳаққында қай жерге ҳәм кимге мүрәжат етиўди билмейди. Сол себепли, “Ўзбеккосмос” дала өртлерин бақлаў имканиятын беретуғын порталды иске қосты.

    Енди пуқаралар республиканың қайсы аймағында дала өртлери болып атырғаны, оның мәнзили ҳәм көлеми бойынша https://dalayongini.cmspace.uz (https://dalayongini.cmspace.uz/) ашық порталы арқалы толық мағлыўмат алыўы мүмкин.

    Қалаберди, “Ўзбеккосмос” усындай унамсыз жағдайлар бойынша хабардарлықты арттырыў мақсетинде арнаўлы _@UzCosmos_Yongin_botты да иске қосты.

    Ол арқалы дала өртлерине гүўа болғанлар реал ўақыт режиминде сүўретлер ҳәм мәнзиллерди агентликке жибериўи мүмкин.

    Жуўмақлап айтқанда дала өртлери тәбият ушын жасырын қәўип есапланады. Сонлықтан, тәбиятқа болған қәўипти азайтыў ушын өз ўақтында профилактикалық илажлар көриў ҳәм жәмәәтлик жуўапкершилик сезимин арттырыў зәрүр.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates