Қарарға бола, 2025-жыл 1-июньнен басқалардың күтимине мүтәж ересек шахсларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған "Белсенди өмирге қәдем" бағдарламасы енгизиледи.
Бағдарлама шеңберинде төмендеги 5 түрдеги жаңа социаллық хызметлер көрсетилиўи жолға қойылады:
үй шараятында социаллық-турмыслық жәрдем көрсетиў хызмети;
- үй шараятында қарап турыў хызмети;
- медициналық-социаллық реабилитация хызмети;
- күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў хызмети;
- жеке жәрдемши хызмети.
Бағдарлама шеңбериндеги социаллық хызметлерден пайдаланыў қәрежетлериниң бир бөлеги ваучер тийкарында қаплап бериледи.
Ваучер баҳасы Ҳүкимет тәрепинен белгиленген муғдарда субсидия түринде төленеди.
Ваучер бериў ҳәм оның баҳасын төлеў "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасындағы "Шаңарақ бирге ислесиўшиси" платформасы арқалы әмелге асырылады.