“Meridian Tempo” кәрханасына қараслы бул 54 гектар бағда черешня, алма, алмурт ҳәм малинаның экспортқа қолайлы сортлары егилген. Нәллер Франция ҳәм Испаниядан алып келинген. Тереклер өзин-өзи шаңландырыў қәсийетине ийе. Бул өнимдарлық жоқары болыўында әҳмийетли орын ийелейди.
Заманагөй агротехнологиялық системалар арқалы бағда толық тамшылатып суўғарыў енгизилген. Дәслеп суў арнаўлы ҳәўизде топланады ҳәм тәбийий қыялық арқалы суўғарылады. Оған энергия жумсалмайды, нәтийжеде қәрежет ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасы азаяды. Сондай-ақ, бағда қуяш панельлери орнатылған.
Писип жетилген мийўелер экспортқа бағдарланбақта. Быйыл 256 тонна черешня, 500 тонна алма, 480 тонна алмурт, 30 тонна малина жетистириў мөлшерленген. Ең әҳмийетлиси, буннан келетуғын дәрамат басқа дәстүрий өсимликлерге салыстырғанда бир неше есе жоқары.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге бул усылды ғалаба ен жайдырыў, мийўелерди тәрбиялаў ҳәм қадақлаў бойынша сырт ел тәжирийбесин енгизиў бойынша көрсетпелер берди.












