Парламентте оппозицияның кепилленген ҳуқықлары және де кеңейтилиўи мүмкин

    13 қаңтар 2025 271

    2025-жылы Өзбекстан парламентинде оппозиция ҳуқықларына байланыслы нызам жойбары ислеп шығылыўы мүмкин.

    Бул жәмийетлик додалаў ушын жәрияланған 2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған.

    Жойбарда сырт мәмлекетлер парламентлериниң тәжирийбесин үйренген ҳалда, парламентте оппозиция ҳуқықларына байланыслы нызам жойбарын ислеп шығыў режелестирилген.

    Онда оппозицияның кепилленген ҳуқықларының санын 3 тен 6 ға арттырыў және оппозиция ўәкиллери 1 комитет баслығы ҳәм 2 комитет баслығының орынбасары лаўазымларын кепилленген түрде ийелеўи белгиленген.

    Сондай-ақ, ҳәр шеректе "ҳүкимет сааты" ҳәм парламентлик сораў шеңберинде оппозиция тәрепинен кеминде биреўден мәселе киргизиў сыяқлы қосымша ҳуқықлар бериў нәзерде тутылады.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates