Бул мәмлекетимиз ушын айрықша стратегиялық шериклик жолын басып өткен еки
тәреплеме қатнасықлар тарийхына нәзер таслаў ушын және бир себеп болып
есапланады.
Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасында тарийхый жақтан кең көлемли
бағдарларда дослық, нәтийжели бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик
қатнасықлары қәлиплескен. Олардың мазмуны әлле қашан дипломатиялық байланыслар
шеңберинен шығып кеткен.
Өз-ара бирге
ислесиў жылларында мәмлекетлеримиз еки тәреплеме байланыслардың избе-из
раўажланыўын тәмийинледи, саўда-экономикалық, социаллық-сиясий ҳәм
мәдений-гуманитарлық тараўларда көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеўдиң жоқары
пәтине еристи. Биргеликтеги жойбарлар санаат, энергетика, билимлендириў,
денсаўлықты сақлаў, санлы технологиялар, мәденият, илим ҳәм басқа да тараўларды
қамтып алған. Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер мәмлекетлераралық
қарым-қатнастың турақлы системасын қәлиплестириўге хызмет етти, онда сиясий
келисимлер анық жойбарларда даўам еттирилмекте.
Бул бағдарда
2017-жыл үлгили болды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң
Корея Республикасына дәслепки сапары жуўмағында дерлик 10 миллиард долларлық
келисимлерге қол қойылды, соның ишинде, “Hyundai”, “Evergreen Holdings”, “Youngone
Corporation”, “Hwachon Plant-Gemco” сыяқлы компаниялар менен бир неше ири
инвестициялық шәртнамаларға қол қойылды. Сол ўақытта мәмлекет басшылары
Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы мәселесинде Қубла Корея
қәнигелериниң техникалық, мәсләҳәт ҳәм экспертлик жәрдем көрсетиўи бойынша
келисимге ерискен еди. Келисимлердиң және бир үлкен топламы Өзбекстан
Президентиниң 2021-жыл декабрь айында Корея Республикасына сапары жуўмақлары
бойынша қәлиплестирилди: 5 миллиард доллардан аслам шәртнамаларға қол қойылды.
Корея
Республикасы менен биргеликте мәмлекетимизде Өзбекстан-Корея оқыў-әмелий
тоқымашылық технопарки, Сийрек ушырасатуғын металлар ҳәм қатты еритпелер
илимий-технологиялық орайы, Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика бойынша бирге
ислесиў орайы ҳәм басқалар шөлкемлестирилген.
Сондай-ақ,
мәмлекетимизде энергетика, автомобиль қурылысы, химия, тоқымашылық ҳәм
азық-аўқат санааты тараўларында көплеген қоспа кәрханалар жумыс алып бармақта,
Кореяның оқытыў методикасына ийе мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери,
профессионал билимлендириў ҳәм мәлимлеме технологиялары орайлары ашылған. Қубла
кореялы шериклер менен биргеликте Ташкентте көп тармақлы балалар емлеўханасы
қурылмақта.
Еки республика
қатнасықларында билимлендириў тараўы айрықша орын ийелейди. Өзбекстан
мәмлекетлик жәҳән тиллери университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери
институты жанында корейс тили ҳәм мәденияты орайлары ашылған. Ташкентте Инҳа,
Пучон, Ёджу, Аджу университетлериниң филиаллары, Ферғанада Корея халықаралық
университети табыслы жумыс алып бармақта. Өз гезегинде, Қубла Кореяның Пусан
ҳәм Тэгу шет тиллери университетлеринде өзбек тили бөлимлери шөлкемлестирилди.
Усы тәризде
әсте-ақырын өз-ара қызығыўшылық мәканы қәлиплеседи, онда тил менен танысыў
басқа мәмлекеттиң тарийхы, мәденияты ҳәм заманагөй жетискенликлерин үйрениў
менен бирге алып барылады. Усы дәўирде гуманитарлық байланыслар өзине тән
инфраструктураға ийе болды. Мәселен, 2019-жылы Ташкентте еки мәмлекет
басшыларының қатнасыўында Корейс мәденият ҳәм көркем өнер сарайының ашылыўы
болып өтти. Соннан берли бул майдан ағартыўшылық ҳәм жәмийетлик турмыстың
белгили орайларынан бирине айланды. Бул жерде конференциялар, форумлар,
таңлаўлар, концертлер, вернисажлар турақлы өткерип келинбекте. Саҳнада белгили
көркем өнер шеберлери, соның ишинде, республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлардың
лауреатлары қатнаспақта.
Бул байланысларды
сақлап қалыў ҳәм раўажландырыўға Өзбекстан Корейс мәденият орайлары
ассоциациясы (КМОА) өз үлесин қоспақта. Мәкеме қурамында Өзбекстан ўәлаятлары
ҳәм Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып баратуғын 22 аймақлық, қалалық
ҳәм районлық бөлимлер бар.
Корейс мәденият
орайлары ўатанласларымызды бирлестиретуғын орынға айланды. Диаспора
республикамыздың жәмийетлик ҳәм мәдений турмысында белсене қатнасып, басқа да
етникалық бирлеспелер ўәкиллери менен биргеликте мәмлекетлик ҳәм миллий
байрамларды белгилеп келмекте. Бундай ушырасыўлар календарында корейс Соллаль, Тано
ҳәм Чхусок, мусылман ҳайыты, христиан пасхасы ҳәм татар Сабантуйы избе-из орын ийелейди.
- Бул ҳәр
қыйлылықта миллетлераралық қатнасықлардың өзбек моделиниң әҳмийетли өзгешелиги
бар: өзиниң мәдений өзгешелигин сақлап қалыў жәмийетлик турмыста қатнасыўға
тосқынлық етпейди, - дейди КМОА ағзасы Екатерина Кан. - Керисинше, миллий
мәдений орайлар тил ҳәм дәстүрлерди сақлаў, соның менен бирге, бирден-бир
пуқаралық мәканының бир бөлеги болып қалыў имканиятына ийе болмақта.
Бирлеспе
белсендилери шөлкемниң табыслы жумысын мәмлекет тәрепинен миллий өзликти сақлаў
ҳәм миллетлераралық татыўлық сиясатын беккемлеў ушын жаратылған шараятлар менен
байланыстырмақта. Бирлеспе бөлимлери жергиликли ҳәкимият уйымларының жәрдеминде
барлық ўәлаятларда корейслердиң Өзбекстанда жасап атырғанының 75, 80 ҳәм 85 жыллығына
бағышлап шөлкемлестирген илажлар буның айқын мысалы болды. Ташкенттеги Дослық
парки аймағында ашылған Сеул миллий бағы ҳәм пайтахтымыз көшелеринен бири Сеул
көшеси деп аталғаны корейс халқына, оның тарийхы ҳәм мәдениятына болған ҳүрмет
белгиси болды.
2027-жыл юбилей
жылы болады, диаспора 2 әҳмийетли ўақыяны күтип алыўға таярланбақта: Өзбекстан
ҳәм Қубла Корея арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 35 жыллығы
ҳәм корейслердиң республикамызда жасап атырғанының 90 жыллығы.
Корейс диаспорасының
жәмийетлик турмысы тек ғана мәдений илажлар менен шекленбеген. Шөлкемниң
масс-медиа тараўындағы үлкен жетискенлиги өзиниң баспа уйымы - айына 2 мәрте
шығатуғын "Өзбекстан корейслери" газетасының шөлкемлестирилиўи болды.
Биринши саны 2019-жыл 1-ноябрьде баспадан шықты. Буннан тысқары, ассоциация “КоryoTV”
студиясын ашқан ҳәм “YouTube”та өз каналын жеделлик пенен алып бармақта. КМОАның
жумысы миллий мәденият, дәстүрлер ҳәм тилди раўажландырыў ҳәм қәстерлеп сақлаў,
сондай-ақ, имканияты шекленген шахсларды ҳәм халықтың жәрдемге мүтәж
қатламларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған социаллық жойбарларды әмелге асырыўға
қаратылған.
30 жастан асқан
табыслы исбилерменлерди бирлестирген “Koryoin” бизнес клубы айрықша итибарға
ылайық. Ҳәр жылы оның комитетлери тәлим, шаңарақлық, спорт, қайырқомлық, рәсмий
ҳәм дөретиўшилик сыяқлы онлаған илажлар өткереди. Сондай-ақ, клубта диаспорада
үлкен ҳүрметке ийе болған ветеранлар ҳәм нуранийлардың ағласы болған ақсақаллар
кеңеси жумыс алып барады. Илимий орталық ўәкиллеринде де өз майданшасы
қәлиплести. "Тинбо" илимий-техникалық жәмийети аспирантлар, жас
илимпазлар, илим кандидатлары ҳәм докторларын бирлестиреди. ИТЖ ҳәр қыйлы
пәнлер бойынша жаслар форумлары, халықаралық ҳәм республикалық конференцияларды
шөлкемлестиреди, сондай-ақ, изертлеўши студентлер ҳәм излениўшилерди
қоллап-қуўатлайды.
- КМОА жанындағы “Shinsedae”
жаслар орайы жигит-қызларды жәмийетлик турмысқа тартыўға хызмет етеди, - деп
пикир билдирди Е.Кан. - Бул жерде ең жақсы бизнес идея ҳәм жойбар таңлаўлары,
әнжуманлар, тренинглер, қайырқомлық акциялары, лекциялар, дөгерек сәўбетлери,
ярмарка ҳәм курслар өткериледи. Сондай-ақ, белсендилер халық байрамлары ҳәм
қайырқомлық акцияларын өткериўге жәрдемлеседи. Орайдың тийкарғы жетискенликлери
қатарында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар
министрлиги менен стартапларды қоллап-қуўатлаў, венчур капитал ҳәм инновациялар
тараўында раўажландырыў ҳәм бирге ислесиў бойынша өз-ара түсинисиў
меморандумына қол қойылғаны атап өтилди.
Өзбек-корейс
байланысларының тарийхы бүгин жаңаша мазмунға ийе болмақта. "Орайлық Азия
- Корея Республикасы" биринши саммити Қубла Корея ҳәм регионның бес
мәмлекети - Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстанды бир
форматта бирлестириўге қаратылған. Жыл басынан баслап мәкемелераралық дәрежеде
ушырасыўға таярлық көрилмекте. Июнь айында Ташкентте жоқары дәрежедеги
жуўапкерлердиң екинши мәжилиси болып өтти, онда тәреплер болажақ ушырасыўдың
мазмунын ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң анық жойбарларын додалады.
Топланған еки
тәреплеме тәжирийбе экономика, транспорт, энергетика, санлы технологиялар,
инсан капиталы ҳәм регионаллық байланысларға байланыслы кең көлемли мәселелерди
додалаў имканиятын береди. Саммит Қубла Корея ҳәм Орайлық Азия арасындағы бирге
ислесиўди және де системалы түрге ендиретуғын майдан сыпатында мөлшерленген.
Бул жаңа қоспа кәрханалар, билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар, медицина
жойбарлары ҳәм мәденият майданлары болып есапланады.
Өткен он
жыллықлар тарийхы соны көрсетпекте: Өзбекстан-Корея бирге ислесиўи соңғы
жылларда бирден бир неше бағдарда раўажланбақта. Экономикалық жойбарлар бирге
ислесиўдиң материаллық тийкарын жаратты, билимлендириў бағдарламалары кәсиплик
байланысларды қәлиплестирди, мәдений басламалар адамлар арасында өз-ара
түсинисиўди күшейтти.
Бүгинги күнде
ерисилген жетискенликлерге регионаллық өлшем де қосылмақта. 16-сентябрь күни
Сеулде болып өтетуғын ушырасыў бундай форматтағы ҳәм көлемдеги биринши саммит
болып, өз-ара бирге ислесиўдиң пүткиллей басқаша форматына старт береди. Он
жыллар даўамында Корея Республикасы менен қатнасықларды избе-из раўажландырып
келген Өзбекстан ушын бул ушырасыўда қатнасыў енди кеңирек Орайлық Азия
мәканындағы жолды даўам еттириўди аңлатады.
Сабина Алимова.
«Правда Востока».