баннер
2 Mar 2025
12:47

    Пахта шийки заттың басланғыш баҳасы Нью-Йорк биржасындағы фьючерс котировкаларынан келип шығып белгиленеди

    20 Yanvar 2025 620

    "Пахта шийки затын жетистириў ҳәм сатыўда базар механизмлерин қолланыўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-7-санлы, 17.01.2025-ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, 2025-жыл пахта өниминен:

    Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы календарь жылының 1-ноябрь күни (2025-жыл өними ушын 1-февральда) пахта талшығының Нью-Йорк биржасындағы фьючерс котировкаларының ақырғы 6 айдағы орташа котировкасынан келип шыққан ҳалда келеси жыл өними ушын пахта шийки затының басланғыш баҳасын (биринши сорт, екинши класс) анықлап, Биржаның рәсмий веб-сайтында жәриялайды;

    меншик түрине қарамастан барлық пахта шийки затын жетистириўши хожалықлар ҳәм кластерлер және пахта шийки затын қайта ислеў ҳәм ийирилген жип ислеп шығарыў шынжырына ийе тоқымашылық кәрханалары арасында пахта шийки затын жеткерип бериў бойынша алды-сатты (фьючерс, форвард ҳәм спот) шәртнамалары Биржаның пахта шийки заты секциясында ҳәр бир аймақ бойынша бөлек өткерилетуғын саўдаларда дүзиледи;

    хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында дүзилетуғын шәртнамалар тәреплердиң еркин таңлаўы тийкарында өткерилетуғын биржа саўдалары арқалы хожалықлар тәрепинен жеткерип бериў мүддетлерин ҳәм де бир ямаса бир неше қарыйдарды еркин таңлаў арқалы рәсмийлестириледи;

    Биржада барлық шәртнамалар "Агроплатформа" мәлимлеме системасы менен интеграцияланған мағлыўматлар базасында бар болған хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында дүзиледи.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech