– Усы тийкарда өткен жылдың сентябрь айынан баслап Нөкис қаласындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-А класы педагогикалық класс етип белгиленип, бул класс ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан профессорлар Арзы Пазылов ҳәм Айжан Наўрызбаевалар устаз етип бириктирилди,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков..
Екинши шерек даўамында бул оқыўшылар институттың лекция аудиторияларына келип, устазларының лекция сабақларына қатнасып, өз билимлерин арттырған болса, енди олар усы жерде жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар менен танысыў мақсетинде институтқа келди.
Профессор Арзы Пазылов ҳәм жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң жетекшиси Байрамбай Гүлимбетов, сондай-ақ, факультетлердиң тийисли жуўапкер қәнигелери, профессор-оқытыўшылары оқыўшы-жасларға бул жердеги оқыў, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыў, қәбилетлерин арттырып барыў ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берди.
Оқыўшылар дәслеп институтта Президентимиздиң қарары тийкарында қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген Әжинияз музейинде болып, бул жердеги экспонатлар, олардың тарийхы, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, сондай-ақ, институттың 90 жыллық тарийхы ҳаққында баҳалы мағлыўматларға ийе болды.
Соның менен бирге, оқыўшылар биология, физика лабораторияларында болып, бул жерде өткерилип атырған лабораториялық жумысларды өзлери де ислеп көрди.
Институттың IT-инкубация, сондай-ақ, мәлимлеме-ресурс орайларының жумыслары менен де жақыннан танысты.
Әлбетте, оқыўшылардың институтқа болған әмелий саяхаты оларды кәсипке бағдарлаў ҳәм келешеги ушын әҳмийетли қарарларды қабыл етиўде үлкен әҳмийетке ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.