Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт мәселелери бойынша ўәкили Одил Абдураҳмонов, спорт министри Адҳам Икрамов ҳәм МОК баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров қатнасты. Чемпион ҳәм тренерлерди қутлықлап, оларға жаңа табыслар ҳәм жеңислер тиледи.
Сыйлықланғанлар атынан Руслан Нурудинов, Абдумалик Халоков, Тўлқин Қиличев, сондай-ақ, Жавоҳир Умматалиевтиң әкеси Туробжон Умматалиев мәмлекетимиз басшысына қоллап-қуўатлағаны ҳәм итибары ушын миннетдаршылық билдирди.
Спортшылар бул сыйлық олар ушын жаңа жетискенликлер ҳәм Өзбекстанның жәҳән спорт майданындағы абырайын беккемлеўге хошамет болатуғынын атап өтти.












