Биринши ҳүжжет - "Росатом Энергетика жойбарлары" АЖ ҳәм "АЭС қурылысы дирекциясы" мәмлекетлик кәрханасы арасында 2025-жыл 20-июньдағы Келисимге Өзбекстан Республикасында интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыўдың тийкарғы шәртлери ҳаққында қосымша келисим.
Ҳүжжет 3+ әўладтағы 2 ВВЭР-1000 ҳәм 2 РИТМ-200Н реакторлары тийкарында киши ҳәм үлкен қуўатлылықтағы атом станцияларынан ибарат болған интеграцияласқан АЭС қурылысы жойбарының конфигурациясын белгилейди.
Екинши ҳүжжет - "Росатом Энергетика жойбарлары" акционерлик жәмийети ҳәм "АЭС қурылысы дирекциясы" мәмлекетлик кәрханасы арасында Өзбекстан Республикасында киши қуўатлылықтағы ҳәм үлкен қуўатлылықтағы атом электр станциясы ушын ядро жанылғысын жеткерип бериў бойынша шәртнамалардың тийкарғы шәртлери ҳаққындағы келисим.
Келисимде қол қойыўшылар арасында РИТМ-200Н ҳәм ВВЭР-1000 реактор қурылмалары ушын ядро жанылғысы, аўысық бөлеклер, монтажлаў ҳәм қадағалаў үскенелерин жеткерип бериў бойынша тийкарғы келисимлер беккемленген.
"Өзбекстанның дәл ортасында, Жиззақ ўәлаятында мисли көрилмеген энергетика жойбарын жаратып атырмыз. Биз Орайлық Азия атом энергетикасын раўажландырыў бойынша алдынғы қатарда турып, регионда биринши станцияны қурыў менен бирге, биринши болып келешектиң инновациялық шешимин жаратып атырмыз.
Бизиң жойбарымыз - бул киши модулли станциялардың алдынғы технологиялары ҳәм үлкен қуўатлылықтағы классикалық атом энергетикасының ўақыт пенен сыналған шешимлериниң исенимли комбинациясы", - деп атап өтти "Өзатом" директоры Азим Ахмедхаджаев.
"Бүгинги қол қойылыў "Росатом" ҳәм Өзбекстан арасында тыныш атом тараўындағы қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқышты баслап береди. Ерисилген келисимлер себепли Өзбекстан бир ўақыттың өзинде бир майданда аз қуўатлылықтағы заманагөй атом станциясы және үлкен қуўатлылықтағы АЭС ислейтуғын интеграцияласқан атом станциясын қуратуғын дүньяда биринши мәмлекет болады", - деп пикир билдирди Алексей Лихачев.









