Оны Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Миллий комиссияның баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Мәжилис даўамында Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның 2025-жылдағы жумысы ҳәм ерисилген нәтийжелер додаланды. Сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Әндижан, Бухара ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары аймақлық комиссиялары басшыларының есабатлары тыңланды.

Атап өтилгениндей, елимизде мийнет тараўындағы миллий нызамшылықты халықаралық стандартлар ҳәм заман талаплары тийкарында және де жетилистириў, адам саўдасына қарсы гүресиў, мийнет мигрантларының ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерисилмекте.

Есап бериў дәўиринде мүнәсип мийнет тараўын жетилистириў бойынша 20 дан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Мийнет кодексине, "Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында"ғы ҳәм "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызамларға тийисли мийнет ҳуқықларын қорғаўға, тәртипли мийнет миграциясын қоллап-қуўатлаўға, жеке меншик бәнтлик агентликлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелерин кеңейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Халықаралық стандартлар тийкарында мәмлекетлик мийнет инспекторлары жумысының кепилликлери кеңейтилди. Аўыл хожалығына қәнигелескен мәмлекетлик мийнет инспекторлары лаўазымлары енгизилди, инспекторлардың саны көбейди.

Тоқымашылық тармағында халықаралық стандартлар тийкарында жумыс алып барып атырған кәрханалардың саны көбейтилди. 6 пахта-тоқымашылық кластерине «BCI» сертификаты, 13 кәрханаға «Better Work» бағдарламасы берилди.

Бул кәрханалар глобал жеткерип бериў шынжырларында қатнасып, халықаралық базар талапларына жуўап беретуғын өнимлер ислеп шығармақта, бул болса мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм дүнья экономикалық системасына интеграцияласыўын күшейтиўге хызмет етпекте.

2025-жылы Женева қаласында болып өткен Халықаралық мийнет конференциясының 113-сессиясында Өзбекстанның балалар ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў тараўындағы жетискенликлери тән алынғаны айрықша атап өтилди.

Мәжилис даўамында адам саўдасына қарсы гүресиўде жынаятлардың алдын алыў, оларды ашыў ҳәм жәбирлениўшилерди қорғаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў избе-из даўам еттирилип атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық, Жынаят кодексинде адам саўдасы менен байланыслы жынаятлар ушын жаза илажлары күшейтилди, Адам саўдасына қарсы гүресиў концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша "жол картасы" тастыйықланды.

Есап бериў дәўиринде адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша профилактика жумысларын күшейтиў, адам саўдасы менен байланыслы жынаятларды ерте анықлаў, оларға ҳуқықый баҳа бериў, айыпкер шахсларды жынайый жуўапкершиликке тартыў, жынаятлардан жәбирленгенлерди қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылды.

Буннан тысқары, тәртипке салынған мийнет миграциясын кеңейтиў мақсетинде раўажланған сырт мәмлекетлер менен миграция тараўында ҳүкиметлераралық келисимлерге қол қойылды, пуқараларды сырт елде жумыс ислеўге таярлаў системасы кеңейтилди.

Сырт еллердеги мийнет мигрантларын қорғаў мақсетинде жуўапкер уйымлар тәрепинен комплексли илажлар әмелге асырылды, жәбирленген ямаса аўыр жағдайға түсип қалған пуқараларға консуллық-ҳуқықый жәрдем көрсетилди, оларды Ўатанға қайтарыў илажлары көрилди.

Мәжилис даўамында мүнәсип мийнет ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў тараўында жол қойылған кемшиликлер де сын көзқарастан талланды.

Миллий комиссияның 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Миллий нызамшылықты халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў жумысларын системалы даўам еттириў, фермерлер жумысының кепилликлерин күшейтиў, өндирис процесслерине халықаралық стандартларды кеңнен енгизиў, адам саўдасына қарсы гүресиўде санлы платформалар имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, мийнет мигрантларының ҳуқықларын тәмийинлеў усылардың қатарына киреди.

Додалаў жуўмақлары бойынша Миллий комиссияның 2026-жылға мөлшерленген Илажлар режеси тастыйықланды.