Өзбекстанның арқа-батыс районлары бойынша август айының соңғы күнлеринде
салқын ҳаўа кирип келиўи басланады ҳәм 31-августқа келип күндизги температура
25-30 дәрежеге шекем төменлейди.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 1-сентябрь күни салқын ҳаўа
массасы Өзбекстанның барлық аймақларына тарқалады, ҳаўа температурасы 3-5
дәрежеге төменлейди.
Бул күнлери қурғақ ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Тек ғана Қарақалпақстанның
арқа бөлиминде бүгин ҳәм ертең аз ўақытлы жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы
мүмкин.
Республика
бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым
жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен жаўыўы күтиледи.
Ташкентте: ҳаўа
алағат бултласып турады, жаўын-шашын болмайды.
Ҳаўаның
температурасы күндизги ўақытлары 28-30-августта 35-38 градус, 31-августта 34-36
градус, 1-сентябрьде 30-32 градус болады. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип,
арқа-батыстан 3-8 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 10-12 м/с қа шекем
күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.