"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, түнде ҳаўаның температурасы 10-13гр жыллы, айырым жерлерде 15гр жыллы, күндиз 25-28гр жыллы, республиканың қубласында 30-33гр жыллы, бул орташа климатлық нормадан жоқары.
Арқа ҳәм шөл зоналарында 13-14-октябрь күнлери айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи, айырым жерлерде шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.
Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8м/с. Ҳаўаның температурасы түнде -10-13гр суўық, күндиз -25-28гр жыллы.









