Бул ҳаққында Балтық бажыханасы баспасөз хызмети хабар бермекте.

Жүк Россияға Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетинен алып келингени ҳәм алып шығыўда ландшафт дизайны ушын мүсин сыпатында декларацияланғаны анықланды.

Ҳәр тәреплеме тексериў нәтийжесинде келип шығыўы ҳәм баҳасы қосымша ҳүжжетлерде көрсетилген мағлыўматларға сәйкес келмейтуғыны анықланды. Экспертиза оның улыўма баҳасы 323 млн рубль әтирапында болған сийрек ушырасатуғын Алетай темир метеоритиниң сынығы екенин анықлады. Контрабанда жүгин жалған сылтаў менен Уллы Британияға жибермекши болған.

Алетей метеорити 1898-жылы ҚХР СУАР да табылған. Ол әййемги протопланета ядросының бир бөлегинен ибарат. Жерде белгили болған темир метеоритлердиң ең үлкени болып, оның өзине тән структурасы, металл таспалардың өз ара байланыслылығы ажыратып турады. Тийкарынан, темир ҳәм никелден ибарат. Ири бөлеклер жоқары илимий ҳәм коллекциялық қунға ийе. Метеорит бөлекшелери көбинесе нызамсыз саўда затына айланады, деп жазбақта inform.kz.