Илаж Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен Қытай Халық Республикасының елимиздеги елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажда Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы ҳәм аймақлық мәлимлеме-китапхана орайлары, Өзбекстан Илимлер академиясы Мәмлекетлик ҳуқық институты, Өзбекстан Нотариал палатасының 500 ден аслам жуўапкер хызметкерлери, илимий ҳәм академиялық топарлардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, Миллий орай хызметкерлери ҳәм докторантлар қатнасты. Илаж офлайн ҳәм онлайн тәризде өткерилди.

Илажды Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры, академик Акмал Саидов ашып берип, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2026-2030-жылларда халықтың китапқумарлық дәрежесин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде елимизде бир адам оқыйтуғын китаплардың санын жылына орташа 10 китапқа жеткериў ўазыйпасы қойылғанына итибар қаратты.

Президент Шавкат Мирзиёев атап өткениндей, "Дүньядағы ҳәр қандай мәмлекет ҳәм халық, бәринен бурын, интеллектуаллық потенциалы, жоқары мәнаўияты менен күшли. Бул жеңилмес күштиң дереги инсан ой-пикириниң ең уллы ойлап табылыўлары - китап ҳәм китапханалар болып есапланады".

Өзбекстан Президентиниң 2026-жыл 15-январьда қабыл етилген "Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм халықтың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, барлық министрликлер ҳәм уйымларда "Китап мүйеши" шөлкемлестириледи ҳәм хызметкерлер ушын ҳәр айда "Китапқумарлық сааты" енгизиледи. Сондай-ақ, ең көп китап оқыўшы болған хызметкерге таңлаў тийкарында бир орташа айлық мийнет ҳақы муғдарында ақшалай сыйлық берилетуғын ишки рейтинг системасы енгизилмекте.

Усы мүнәсибет пенен Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы сырт елли ҳәм миллий шериклер менен биргеликте инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм ағартыўшылықты раўажландырыўға турақлы итибар қаратып атырғанын атап өтиў керек. Бүгинги күнде елимиздеги жүзлеген китапханаларда "Конституция ҳәм инсан ҳуқықлары" мүйешлери шөлкемлестирилип, жаңа китаплар менен турақлы түрде толықтырылып барылмақта.

Илаж даўамында Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин тәрепинен жазылған "Мәмлекетлик басқарыў ҳаққында", "Инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиў ҳәм қорғаў ҳаққында", "Кәмбағаллықты сапластырыў" китапларының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында қысқаша тоқтап өтти. Қытай елшиси бул көргизбени жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайына миннетдаршылық билдирди.

Қытай елшиханасы Инсан ҳуқықлары үйине 800 ге шамалас китап тапсырды.

Шығып сөйлеўшилер усынылған китаплар Қытайдың инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша концептуаллық көзқарасларын ашып беретуғын абырайлы дәрек сыпатында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Бул китаплардың өзбек тилиндеги көп санлы басылымлары илимий билим алмасыў, мәмлекетлераралық қарым-қатнасты тереңлестириў, Өзбекстан ҳәм Қытай жәмиетлери арасында гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашып атырғаны атап өтилди.

Инсан ҳуқықлары ҳәм Қытай мәдениятына байланыслы китаплар тек ғана Инсан ҳуқықлары үйи емес, ал мәмлекетимиздеги жетекши мәлимлеме ҳәм китапхана орайларының фондларын толықтырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Илаж соңында Қытай елшиханасы тәрепинен тапсырылған 350 китап Өзбекстан Миллий китапханасы ушын ажыратылды. Миллий китапхана хызметкерлерине тийисли сертификатлар тапсырылды.

Өзбекстан Республикасының Инсан ҳуқықлары бойынша

Миллий орай баспасөз хызмети.