Бәринен бурын,
сиз, әзизлерди, пүткил Өзбекстан халқын елимизде кеңнен белгиленип атырған
қутлы әййям – Халықлар дослығы күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Әлбетте, бул
қуўанышлы байрамда көп миллетли халқымыздың уллы умтылыслары, әмелий
ҳәрекетлери менен жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм татыўлық,
миллетлер ҳәм динлераралық дослық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик бизиң ең
бийбаҳа байлығымыз екенин және де терең сеземиз.
Бүгинги күнде
елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери бир
шаңарақ перзентлериндей татыў ҳәм аўызбиршиликли жасап, елимиздиң раўажланыўына
мүнәсип үлес қосып киятырғанын бәршемиз жоқары қәдирлеймиз.
Оғада бийбаҳа
социаллық ҳәдийсе болған бундай миллий-мәдений көптүрлилик Жаңа Өзбекстанның
ҳәр бир пуқарасы, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, еркин және абадан
жасайтуғын инсаный мәмлекет сыпатындағы орнын ҳәм абырайын арттырыўда әҳмийетли
роль атқармақта.
Соңғы жылларда
“Бизиң күшимиз – бирлик ҳәм аўызбиршиликте” деген ийгиликли идея тийкарында
елимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликтиң өзине тән ибратлы моделин
жаратқанымыз бенен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.
Ҳәзирги ўақытта
миллетлераралық қатнасықлар тараўында әмелге асырып атырған реформаларымыздың
көлеми барған сайын кеңейип, сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа
көтерилмекте. Бул бағдарда қабыл етилген 10 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет, соның
ишинде, Миллетлераралық қатнасықлар тараўында мәмлекетлик сиясат концепциясы
жумысымыздың нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет
етпекте.
Соңғы жылларда
көркем имаратларда жумыс алып барып атырған 157 миллий мәдений орай ҳәм 46
дослық жәмийетиниң материаллық-техникалық базасы беккемленди. Бул орынларда
өткерилип атырған улыўма миллий байрамлар, дослық кешелери, фестиваль ҳәм
ушырасыўлар елимиздиң мәдений келбетин белгилейтуғын әҳмийетли ағартыўшылық
илажларға айланып бармақта.
Елимиздеги
билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесслери жети тилде алып барылмақта,
туўысқан тиллердеги мектеплер мәмлекет есабынан сабақлық ҳәм әдебиятлар менен
тәмийинленбекте. Телерадиоканаллар арқалы 12 тилде көрсетиў ҳәм еситтириўлер
эфирге узатылмақта, 14 тилде газета ҳәм журналлар басып шығарылмақта.
Өткен жылы
Халықлар дослығы күни алдынан пайтахтымызда ашылған Миллий мәдений орайлардың
павильоны халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен тән алынып, көплеген сырт
елли мийманлар да келетуғын орынға айланды.
Пайтахтымыздағы
“Жаңа Өзбекстан” парки аймағында “Кеңпейиллик бағы,” Қарақалпақстан
Республикасы ҳәм ўәлаятларда этно ҳәм туристлик аўыллар шөлкемлестирилгени бул
бағдардағы жумысты кеңейтиўде әҳмийетли роль атқармақта.
Ҳәр қыйлы
миллетке тийисли ўатанласларымыз арасында онлаған депутат ҳәм сенаторлар,
мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, белгили өндирис, илим, мәденият,
көркем өнер ҳәм спорт ғайраткерлери, бизнес ўәкиллери мүнәсип жумыс алып барып
атырғаны, олардың 2 мыңға шамаласы Ўатанымыздың жоқары атақлары, орден ҳәм
медальлары менен сыйлықланғаны елимизде ҳүким сүрип атырған социаллық теңлик,
әдиллик ҳәм инклюзивликтиң әмелий үлгиси, десек, дурыс болады.
Ҳүрметли
ўатанласлар!
Шексиз Орайлық
Азия регионы халықларының әзелден бирдей мақсетлер тийкарында жасап, мийнет
етип, раўажланыў бағдарында қандай үлкен нәтийжелерге ерискенин, бундай
ийгиликли дәстүрлер соңғы жылларда және де күшейип, жаңа басқышқа көтерилип
атырғанын бәршемиз көрип турмыз.
Биз қоңсы
мәмлекетлер менен дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған
қатнасықларымызды беккемлеп, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықты және де
раўажландырмақтамыз.
Халықларымыз
арасында еркин барыс-келислер, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық
байланыслар кеңейип, жаңаша мазмун менен байып атырғаны, бундай өмир
бағышлайтуғын процесслерде Өзбекстанның айрықша орны ҳәм үлеси бар екени
айрықша дыққатқа ылайық.
Соңғы жыллары
сизлер менен, ел-журтымыз бенен биргеликте халықлар дослығын беккемлеў жолында
ерискен табысларымызды және де байытыў биз ушын буннан былай да бас ўазыйпа
болып қалады.
Бәршемиз жақсы
билемиз, түрли миллет ўәкиллерин өз-ара жақынластырыўда көркем өнер ҳәм
мәденият бәрқулла руўхый көпир ўазыйпасын атқарып келген. Ҳәр бир миллеттиң
бийтәкирар көркем өнерин мине усы тийкарда раўажландырыў – бул улыўмаинсаныйлық
бирлик ҳәм татыўлыққа алып баратуғын ең исенимли жол.
Усы мақсетте
елимизде түрли миллет ҳәм халық ўәкиллеринен ибарат болған профессионал
“Дослық” ансамблин шөлкемлестириўди режелестиргенбиз ҳәм буның ушын барлық
шараятларды жаратып беремиз.
Бул жаңа
дөретиўшилик жәмәәт мине усындай қолайлы орталықта қәлиплесип ҳәм раўажланып,
елимиздиң мәдений турмысында әлбетте мүнәсип орын ийелейди, деп ойлайман.
Қәдирли дослар!
Ҳеш қашан
умытпайық, халықлар дослығы бул – муқаддес инсаныйлық қәдирият, тыныш, еркин
ҳәм абадан турмыс гиреўи болып есапланады. Бүгинги күнде ҳәммемиз өзимиз,
шаңарағымыз, перзентлеримиздиң бахты, жанажан Өзбекстанымыздың тәғдири ҳәм
келешеги ушын бирден-бир халық, бирден-бир жәмийет болып ҳәрекет етип атырған
екенбиз, жоқары мақсетлеримизге әлбетте жетемиз.
Сизлерди, барлық
ўатанласларымызды 30-июль - Халықлар дослығы күни менен және бир мәрте қызғын
қутлықлайман.
Бәршеңизге беккем
денсаўлық, тынышлық-парахатшылық, абаданлық, елимиздиң раўажланыўы жолындағы
ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.
Ўатанымыздың
аспаны тыныш, халқымыздың турмысы абат ҳәм абадан болсын!
Жанажан
Өзбекстанымыз гүллеп-жаснасын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы
Президенти