Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстанның "Бирлескен Миллетлер Шөлкеми - Ҳаял-қызлар" структурасы менен бирге ислесиўи, сондай-ақ, Өзбекстанда гендер теңликти алға қойыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бағдарындағы гезектеги илажлар додаланды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Барлық тараўларда гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған системалы жумыслар додаланды. Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың суд-ҳуқық тараўындағы белсендилигин арттырыў, гендер теңликти тәмийинлеўде белсене қатнасып атырған шөлкем ҳәм уйымларды қоллап-қуўатлаў бойынша пикир алысылды.
Ушырасыўда шерикликти беккемлеў ҳәм биргеликтеги жойбарларды кеңейтиўде әҳмийетли қәдем болған Ташкент қаласында "Бирлескен Миллетлер Шөлкеми - Ҳаял-қызлар" структурасының офисиниң ашылғаны жоқары баҳаланды.
БМШ Ҳаял-қызлардың жағдайы бойынша комиссиясының 70-сессиясында қатнасыў, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўинде бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм гендер теңликти раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў бойынша умтылысларын билдирди.








