Сөйлесиўде Өзбекстанның БМШ ҳәм оның структуралары менен бирге ислесиўи, регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлери додаланды.

БМШтың превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы менен бирге ислесиў раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди. Трансшегаралық ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың тынышлық процесслеринде белсене қатнасыўы сыяқлы бағдарлардағы жойбарлар додаланды.

Ушырасыўда 2025-жыл октябрь айында Ферғана қаласында өткерилиўи режелестирилген биринши Ферғана дүнья форумына таярлық мәселелерине де итибар қаратылды.

Буннан тысқары, Өзбекстанның басшылығында өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының 7-мәсләҳәт ушырасыўы шеңбериндеги тийкарғы бағдарлар додаланды.

2026-жылы өткерилиўи режелестирилип атырған Жас парламентарийлердиң 12-Глобал конференциясы бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыўда гендер теңликти тәмийинлеў, "Ҳаял-қызлар-БМШ" шөлкеминиң ўәкилханасын ашыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын беккемлеў, жаслардың потенциалын арттырыў бағдарындағы басламалар ҳаққында да сөз болды.