Сөйлесиў даўамында Өзбекстанда мийнет тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, ХМШның соңғы усыныслары тийкарында мийнет нызамшылығын жетилистириў бағдарындағы жумыслар бойынша пикир алысылды.
Б.Андрес мәмлекеттиң кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм пуқаралар ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў бағдарындағы қатаң сиясатын айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, Юрий Штерктиң бас координатор етип тайынланыўы ҳәм ХМШның Өзбекстандағы ўәкилханасын ашыў басламасы узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында тән алынды.
Сөйлесиўде 2026-2030-жылларға мөлшерленген Мүнәсип мийнет бойынша мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў, жумыс бериўшилер, кәсиплик аўқамлары ҳәм мийнет инспекциясы қәнигелериниң маманлығын арттырыў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды.










