Өзбекстан ўәкили тарийхта биринши мәрте «One Young World Summit» пүткилжәҳән жаслар саммитинде қатнаспақта

    Мәмлекетимиздиң Лондондағы елшиханасы ҳәм Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте Өзбекстан студентлер аўқамының Уллы Британиядағы директоры Аша Бухарбаева «One Young World Summit» пүткил жер жүзилик жаслар саммитинде мәмлекетимиздиң байрағын көтериўге миясар болды.

    Саммиттиң ашылыў мәресими Мюнхендағы Олимпиада стадионында болып өтти. Онда Иордания Патшасы Рания Аль-Абдулла, Нобель сыйлығының лауреатлары Мария Ресса ҳәм Таваккул Карман, сондай-ақ, дүньяның жетекши «Chanel», «BMW», «Siemens» ҳәм «AstraZeneca» компанияларының басшылары қатнасты.

    Форумның быйылғы мәжилиси "жасыл" экономика, билимлендириўди раўажландырыў, заманагөй технологиялардан пайдаланыў ушын жуўапкершилик, дүньяда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, расалық, миллий ҳәм сиясий жек көриўшиликке қарсы гүресиў сыяқлы темаларға бағышланды.

    Илаж шеңберинде Өзбекстан ўәкили елимизде жасларға байланыслы әмелге асырылып атырған сиясат, ҳаял-қызлардың билимлендириўдеги белсендилигин арттырыўға қаратылған үлкен имканиятлар ҳәм басламалар ҳаққында шығып сөйледи.

    «One Young World Summit» 2009-жылы Уллы Британияда дүньяның барлық мәмлекетлеринен жас жетекшилерди жыйнаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, глобаллық машқалаларға шешим табыўға тартыў мақсетинде шөлкемлестирилген. Оның форумында усы жылы 190 дан аслам мәмлекеттен жаслар қатнасты.

    Еслетип өтемиз, Уллы Британиядағы Өзбекстан студентлери аўқамы сырт елдеги өзбек жасларын бирлестириў мақсетинде 2024-жылы усы мәмлекеттеги елшиханамыз жанында шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирги ўақытта оның қүрамында 500 ден аслам студент бар. Өткен дәўирде Германия ҳәм Италияда оның филиаллары шөлкемлестирилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates