Презентацияда өткир жүрек-қан тамыр ҳәм бас мий кеселликлериниң алдын алыў ҳәм емлеўди жетилистириў бойынша ислеп шығылған илажлар додаланды.

Оған бола, 2026-жыл 1-майдан Самарқанд ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында “Stent for Life” ҳәм “Action Plan for Stroke” халықаралық бағдарламалары тийкарында ислеп шығылған "Инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў" миллий бағдарламасы әмелге асырылады. Бағдарлама 1-октябрьден Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларын, 2027-жылдан баслап басқа да аймақларды қамтып алады.

Миллий бағдарлама шеңберинде ҳәр жылы 30 жастан асқан халық арасында сораўнамалар шөлкемлестириў ҳәм оның жуўмағы бойынша анықланған қәўип топарларында мәнзилли медициналық тексериўлер өткериў режелестирилген. Сондай-ақ, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў алгоритмлери ҳәм клиникалық маршрутларды енгизиў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, халықаралық стандартларға муўапық, усы кеселликлерде қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўде "алтын саат" принципиниң ўақыт регламенти енгизилмекте.

Презентацияда тез медициналық жәрдем хызметиниң материаллық-техникалық ҳәм санлы имканиятларын арттырыўға қаратылған илажлар да көрсетип өтилди. Атап айтқанда, бригадалар телеметрик электрокардиограф ҳәм мониторлы дефибрилляторлар менен тәмийинленеди. ЭКГ нәтийжелерин АИ арқалы таллаў ҳәм мәлимлеме системасы арқалы жеткерип бериў, сондай-ақ, бригадалар ҳәм емлеўханалар арасында реал ўақыт режиминде мағлыўмат алмасыў имканиятлары жаратылады.

Стационарларда инсультқа АИ тийкарында диагноз қойыў имканияты жаратылады, наўқаслардың жөнелислери санластырылады. Емлеўханалар қыстаўлы хирургиялық операцияларды өткериў ушын тромб еритиўши препаратлар ҳәм зәрүр қәрежет материаллары менен тәмийинленеди.

Тез медициналық жәрдем көрсетиўге мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тартылады, өткир жүрек-қан тамыр ҳәм бас мий қан-тамыр кеселликлеринде көрсетилетуғын медициналық хызметлер Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры есабынан қаржыландырылады.

Миллий бағдарлама шеңберинде "Электрон денсаўлықты сақлаў" мәлимлеме системасында қәўип топарындағы наўқаслар ҳәм халықтың электрон реестри жүргизиледи.

Халық арасында профилактика ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларына да айрықша итибар қаратылды. ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда социаллық роликлер, инфографикалар, анимациялар ҳәм қысқа метражлы видеороликлерди тарқатыў, базар ҳәм саўда орайлары жанында билборд ҳәм баннерлер орнатыў, билимлендириў мәкемелери, кәрханалар ҳәм мәҳәллелерде инфаркт ҳәм инсульт белгилерин ерте анықлаў бойынша семинар-тренинглер өткериў режелестирилген.

Буннан тысқары, “Angels Initiative” басламасының “FAST Heroes” халықаралық бағдарламасы шеңберинде мектеп оқыўшылары ушын арнаўлы сабақлар шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы 29-сентябрь - Халықаралық жүрек күни ҳәм 29-октябрь - Пүткил жер жүзилик инсультқа қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен қан басымы, қант ҳәм холестерин дәрежесин өлшеў, сондай-ақ, халықтың қыстаўлы жәрдем көрсетиў мәселелери бойынша саўатлылығын арттырыў бойынша бийпул ғалабалық илажлар өткериў режелестирилген.

Бағдарламаны қаржыландырыў ушын 2026-жылы 239 миллиард сум, 2027-жылдан баслап 280 миллиард сум қаратылатуғыны атап өтилди.

Презентацияда 2026-2030-жылларда қан хызметин буннан былай да жақсылаў бойынша усыныслар да көрип шығылды.

Қан препаратларына талап артып атырғанын есапқа алып, хызметлердиң имканиятларын кеңейтиў, емлеў мәкемелериниң қан ҳәм оның компонентлерине болған талабын толық қаплаўға қаратылған мақсетли илажлар ислеп шығылған.

Атап айтқанда, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары тийкарында ҳәр мың адамға 10 нан 30 ға шекем қан тапсырыўды көбейтиў, улыўма донорлардың санын 1 миллионға жеткериў арқалы қан резервин 150 мың литрден 450 мың литрге шекем арттырыў, ықтыярлы қан донорларының санын 300 мыңнан 900 мыңға жеткериў режелестирилген.

Алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында қан ҳәм оның қурамлық бөлеклериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған стандарт операциялық әмелиятлар, қәўипсизлик протоколлары, сондай-ақ, заманагөй скрининг усыллары енгизиледи. Соның менен бирге, қан хызмети хызметкерлериниң кәсиплик билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, бийпул донорлық ҳәрекетин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылмақта.

Қан менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде "қажетлик - қайта ислеў - жеткерип бериў" циклиндеги процесслерди басқарыў системасы енгизиледи.

Санлы платформа шеңберинде қан ҳәм оның қурамлық бөлимлериниң ҳәрекетин қадағалаў, буйыртпаны қыстаўлы медициналық жәрдем менен интеграцияласқан ҳалда рәсмийлестириў имканиятын беретуғын "Қан препаратларының электрон есабы" мәлимлеме системасы енгизиледи.

Атап өтилгениндей, 2026-жылы қан хызметлерин қаржыландырыў ушын 308 миллиард сум, 2026-2030-жыллары тараўды раўажландырыўға жәми 1,75 триллион сум қаратыў нәзерде тутылған.

Презентацияда республикамыздағы қәнигелестирилген илимий-әмелий орайлар ҳәм клиникалардың жумысын үйрениў нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Жумысшы топарлар тәрепинен 2025-жылдың сентябрь-декабрь айларында республикалық көлемдеги 37 медициналық орай ҳәм клиникалардың жумысы комплексли үйренилип, бир қатар шөлкемлестириў ҳәм басқарыўдағы кемшиликлер анықланған. Оларды сапластырыў ушын 27 бәнттен ибарат Ҳәрекетлер режеси ислеп шығылып, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, аймақлар менен ислесиўди системаластырыў, басқарыў системасын жетилистириў, кадрлар ҳәм илимий-изертлеў жумысы, қаржы тәртиби, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы бағдарларды қамтып алған.

Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаўға сырт ел экспертлерин тартыў мәселеси де көрип шығылды.

Жәмиетлик денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, денсаўлықты сақлаўды режелестириў ҳәм миллий лаборатория системасын реформалаў бойынша техникалық шәртлер ислеп шығылған. Бул илажларды әмелге асырыў ушын 25 халықаралық ҳәм 19 жергиликли экспертти тартыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, Республикалық онкология орайы ҳәм оның аймақлық филиалларын модернизациялаў жойбары да көрсетилди.

2021-жылы Ислам раўажланыў банки менен биргеликте "Өзбекстан Республикасы онкология мәкемелерин модернизациялаў (II басқыш) " жойбары шеңберинде орайдың жаңа комплекси ҳәм оның 13 филиалы ушын жәми 61 миллион долларлық 119 түрдеги медициналық әсбап-үскенелер сатып алынды. Және 5 түрдеги 5,6 миллион долларлық үскенелер сатып алыныўы режелестирилген.

Қосымша 10 миллион доллар қаржы есабынан орай ушын 80 атамадағы 1027 медициналық үскене, радиофармацевтика препаратларын ислеп шығарыў ушын циклотрон ҳәм радиосинтез лабораториясын сатып алыў усынысы билдирилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысына фармацевтика тармағын раўажландырыў, халықты арзан ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, фармацевтика санааты бүгинги күнде санааттың ең жедел раўажланып атырған бағдарларынан бирине айланбақта. Бүгинги күнде тараўда улыўма баҳасы 2,3 миллиард доллар болған 156 жойбар әмелге асырылмақта. 2025-жылы 362 миллион доллар сырт ел инвестициялары өзлестирилип, 2 мың 400 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылған.

Тараў кәрханалары тәрепинен 7,3 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарылып, дүньяның 55 мәмлекетине 220 миллион долларлық дәри-дәрмақ ҳәм фармацевтика өнимлериниң экспорты әмелге асырылды.

Дәри-дәрмақ қуралларының сапасын тәмийинлеў ҳәм бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыўға қаратылған соңғы реформалар нәтийжесинде исбилерменлер тәрепинен биринши мәрте Өзбекстанда 130 атамадағы импорт етилген дәри-дәрмақ қуралларын технологиялар трансфери тийкарында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жумыслары басланды.

Буннан тысқары, 2 мың түрдеги импорт дәри-дәрмақлардың референт баҳаларын қайта көрип шығыў есабынан көтере саўда баҳалары 40-60 процентке арзанластырылды.

Презентацияда импорттың орнын басатуғын жергиликли дәри-дәрмақлардың сапасын ҳәм арзанлығын буннан былай да арттырыў, инвесторларға зәрүр шараятлар жаратыў, өндирис ҳәм лаборатория қуўатлықларын көбейтиў, сапасын қадағалаўдың ашық-айдын системасын қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиз усынысларды мақуллап, тийисли қарарларға қол қойды. Жуўапкерлерге белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, көрип шығылған бағдарлар бойынша анық нәтийжелерге ерисиў бойынша тапсырмалар берилди.