15 миллион долларлық инвестиция есабынан шөлкемлестирилген бул заманагөй жойбар шеңберинде жылына 5 мың тонна мийўе-овош қайта исленеди. Ташкент ўәлаятынан тысқары Самарқанд ҳәм Ферғанадан да өнимлер алып келинеди.
Кәрханаға Япония, Германия, Белгия, Қытайда ислеп шығарылған заманагөй үскенелер орнатылған. Бул өнимниң сапасы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Кәрханада 180 турақлы жумыс орны жаратылған, олар орташа 7 миллион сумға шекем айлық алмақта.
Бул жерде таярланған өнимлер Қытай, Қубла Корея, Япония, Бирлескен Араб Әмирликлери, Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етиледи.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерип, хызметкерлер менен сәўбетлести.
- Мийўе-овош жетистириўде Паркенттиң имканиятлары үлкен. Технология алып келип, жәҳән базарына таза ҳәм кептирилген мийўелерди экспорт етиў потенциалымыз бар. Бир ғана Японияны алатуғын болсақ, Өзбекстан өнимлерине қызығыўшылық жоқары. Тек ғана мийўелерди жақсы тәрбиялап, сапалы жеткерип бериў зәрүр. Бундай кәрханаларды раўажландырсақ, усы тармақтың өзинен бир неше миллиард доллар дәрамат алыў мүмкин, - деди Президент.
Бул жерде Ташкент ўәлаятының экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлери көзден өткерилди. Өткен жылы ўәлаяттан 130 миллион долларлық мийўе-овош өнимлери экспорт етилген. Бирақ аймақтың тәбияты ҳәм потенциалына салыстырғанда бул аз.
Тараўда экспорт етиўши кәрханаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 7 түрдеги финанслық жәрдем ҳәм 3 түрдеги салық жеңилликлери менен преференциялар енгизилген. Ташкент ўәлаятында мийўе-овошларды қайта ислейтуғын 175 кәрхана болып, қайта ислеў дәрежеси жылдан-жылға артпақта. Усы жылы экспорт көрсеткишин жедел арттырыў режелестирилген.