баннер
31 Mar 2025
13:48

    Президент Евроаўқам менен экономикалық сөйлесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-март күни Европа Аўқамының Сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары ўәкили, Европа комиссиясы вице-президенти Кая Каллас басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм болажақ қоспа илажларға таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляенниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Усы жылы 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити илажларын өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бүгин Ашхабад қаласында өткен министрлер дәрежесиндеги көп тәреплеме ушырасыўдың нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды.

    Саўда ҳәм логистика, соның ишинде, Транскаспий транспорт коридорының потенциалын жүзеге шығарыў, санластырыў, "жасыл" энергетика, экология, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда еки регион арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди алға қойыў, баслама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Өзбекстанның ЕА институтлары менен қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.

    Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисимди қабыл етиў және мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине қосылыўы мәселелери додаланды.

    Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech