Аймақтағы дөретиўшилик пәти қала дәрўазасы - аэропорттан-ақ көзге тасланады. Бул жерде 140 миллион доллар инвестиция есабынан жаңа терминаллар қурылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының ўәлаятқа өткен жылғы сапары ўақтында бул жойбар таныстырылған еди. Бүгинги күнде қурылыс жумыслары жедел кетпекте.
Ҳәзирги аэропорт туристлер ағымына кишилик етип атыр. 3 қабатлы етип қурылып атырған жаңа терминалда жолаўшы тасыў қуўатлылығы 2,5 есеге артады. Шегара қадағалаўы ҳәм виза бөлимлери, бизнес зал, саўда ҳәм аўқатланыў шақапшалары, медицина ханасы, Duty free дүканлары заманагөй шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, аэропортта үлкен жүк терминалы қурылмақта. Ол күнине 50 тонна жүк тасыў ҳәм 90 мәмлекетке экспорт етиў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, бул арқалы ойпатлықта бирден-бир карго системасы жаратылады. Аймақтың бизнес, экспорт ҳәм транзит потенциалы артады.
Мәселен, быйыл Наманган ўәлаятына 1,5 миллион сырт ел ҳәм 2 миллионнан аслам жергиликли туристлерди тартыў, хызметлер экспортын 210 мың долларға жеткериў режелестирилген. Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларының экспорты да артып бармақта.
Аэропортта арнаўлы сервис техникалары да жаңаланады. Бул ҳәр қыйлы көлемдеги самолётларды қабыл етиў ҳәм оларға хызмет көрсетиў имканиятын береди. Сондай-ақ, кейтеринг, жанылғы қуйыў комплекси ҳәм басқа да хожалық имаратлары қурылады. Жаңа терминаллар келеси жылы иске қосылыўы нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы аэропорт әтирапындағы инфраструктураны оған сәйкес раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди. Дүньяның алдынғы тәжирийбесиндегидей, аэропорт әтирапында мийманханалар, саўда ҳәм кеўилашар комплекслер, барлық заманагөй хызметлер болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Автомобиль турыў орны ҳәм сервис объектлерин шөлкемлестирип, мийманлар ушын қолайлықларды кеңейтиў ўазыйпасы қойылды.












