Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Оғада қызықлы өткен жарыс жуўмағында, балалар арасында  Беруний районы спорт мектеби командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, Қарақалпақстан чемпионы атағына миясар болды.

Ал, екинши ҳәм ҳәм үшинши орынлар Нөкис ҳәм Әмиўдәрья районлары жасларына несип етти.

Қызлар арасында өткерилген жарыста болса, Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби тәрбияланыўшылары биринши орынды ийеледи.

Чемпионаттың гүмис ҳәм қола медальлары Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районы командаларына тапсырылды.

Жарыстың сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги бөлим баслығы А.Темирбаев, Өзбекстан Волейбол федерациясы Қарақалпақстан бөлими атқарыўы директоры А.Казаков ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинен С.Сейтовлар жас спортшыларды ерискен жетискенлиги менен қутлықлап, олардың алдағы жарысларда жеңимпаз болыўына тилеклеслик билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.