Президентлик олимпиада ойынларының жеңимпазлары, сыйлы орын ийелери ҳәм барлық қатнасыўшыларына!

    Сиясат 4 желтоқсан 2025 487

    Әзиз перзентлерим! Ҳүрметли ата-аналар, муғаллим ҳәм устазлар!

    Бәршеңизди мәмлекетимиз турмысында умытылмас ўақыя болған Президентлик олимпиадасында табыслы қатнасқаныңыз бенен қызғын қутлықлайман.

    Бүгин ҳақылы түрде ҳәм үлкен қанаатланыўшылық пенен айта аламыз, 100 мыңнан аслам жигит-қызлар арасында өткерилген жарыслардың сайлап алыў басқышларында сизлер сыяқлы 3 мыңға шамалас ең күшли спортшыларымыз, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери мүнәсип қатнасқаны себепли бул ойынлар Өзбекстанның өзине тән спорт системасы сыпатында қәлиплести.

    Он күнге шамалас ўақыт даўам еткен қызғын ҳәм маўасасыз беллесиўлерде ерисилген жеңис ҳәм рекордлар буның айқын дәлийли болды.

    Әсиресе, аўыр атлетика бойынша Шаҳноза Ҳайдарова, Моҳинур Эсонбоева, жеңил атлетика бойынша Садафбону Нусратуллоева Өзбекстан рекордларын жаңалады, 17 жаслы Қамариддин Худойбергенов грек-рим гүреси бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионларын жеңди, таэквондо бойынша Комила Султанова, Умарали Абдужабборов, Мираслава Омельченколар мәмлекетимиз чемпионларынан үстин келип, минбердиң ең жоқары басқышына көтерилди.

    Және бир әҳмийетли факт: буннан төрт жыл алдын өткерилген Бес баслама олимпиадасы системасында өз қәбилетин көрсеткен 23 ул-қыз бул Олимпиада жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери болды.

    Булардың барлығы Президентимиз Олимпиадасының жасларымыз ушын оғада жуўапкершиликли жарысқа айланғанын ҳәм өзиниң мақтанышлы дәстүрлерин жарата баслағанын тастыйықлайды.

    Исенимим кәмил, өз мәҳәллесинде спортқа қәдем қойып, бүгин өз аймағының абырайын қорғаў ушын исенимли ҳәрекет еткен перзентлеримиз ертең жәҳән майданларында Ўатанымыздың абырайын және де арттырады.

    Қәдирли спортшылар!

    Сизлердиң жарысларыңызды барлық ўатанласларымыз қатарында үлкен қызығыўшылық ҳәм толқынланыўшылық пенен бақладық. Жаңа Өзбекстанда қәлиплестирилип атырған олимпиада резервлери мине усындай жоқары потенциалға ийе екенлигинен кеўиллеримиз қуўанышқа ҳәм мақтанышқа толы.

    Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин, олардың ата-аналары ҳәм тренерлерин айрықша қутлықлап, бундай жарысларда қатнасыўдың өзи үлкен бахыт ҳәм үлкен табыс екенин айрықша атап өтпекшимен. Бул ойынлар сизлерге олимпиада руўхын, олимпиада қәдириятларын сиңдирип, жәҳән ареналарына шығыў жолында үлкен шеберлик мектеби болып хызмет етеди.

    Әлбетте, бул системаны және де жетилистирип, келеси жылдан баслап суў спорты, велоспорт, триатлон, қылышласыў ҳәм командалық ойынларды да усы системаға киргиземиз. Олимпиаданың ҳәр бир басқышында халықаралық спорт нормалары толық енгизиледи, жоқары профессионал спортшыларды таярлаў ушын тренерлерди заманагөй методология ҳәм көзқараслар тийкарында оқытыў системасын жолға қоямыз. Сондай-ақ, жарыс нәтийжелерин ашық-айдын баҳалаў ушын төрешилердиң маманлығы арттырылады, спорт мектеплери ҳәм дөгереклерде спорт түрлеринен келип шығып шараятлар жақсыланады.

    Сизлер де бул жумысларда усы Олимпиадада алған әмелий усынысларыңыз, билим ҳәм тәжирийбеңиз бенен мүнәсип қатнасасыз, деп исенемен.

    Пурсаттан пайдаланып, сайлаў ҳәм финал басқышларын жоқары дәрежеде шөлкемлестирген аймақлардың басшылары ҳәм жуўапкерлерине, тийисли министрликлер менен ведомстволарға, спорт федерацияларына, жоқары билимлендириў мәкемелери, техникум ҳәм мектеплердиң жәмәәтлерине, белсенди волонтёрларға, спорт жанкүйерлерине, жасларды қоллап-қуўатлаған көп миллетли пүткил халқымызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Әзиз перзентлерим, сизлер бүгин үлкен жеңислерге еристиңиз.

    Келешекте бәршеңизге және де жоқары нәтийжелер тилеймен.

    Ҳеш қашан жетискенликлерде тоқтап қалмаң, алға - жаңа шеклерге қарай батыл қәдем таслаң!

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates