Президент Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия - Россия форматындағы екинши саммитте көплеген басламаларды алға қойды

    Президент Шавкат Мирзиёев "Орайлық Азия - Россия" форматындағы екинши саммитте стратегиялық шерикликти беккемлеў, экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм регионаллық турақлылықты биргеликте тәмийинлеўге қаратылған көплеген басламаларды алға қойды.

    Атап айтқанда:

    - биргеликте қабыл етилген қарар ҳәм жойбарлардың орынланыўын жеделлестириў ушын ҳүкимет басшыларының орынбасарлары дәрежесинде Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестириўди усыныс етти;

    - товар алмасыўды көбейтиў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў процесслерин жеңиллетиў мақсетинде "Орайлық Азия - Россия агроэкспресси" жойбарын иске қосыўды усыныс етти;

    - автомобиль, темир жол ҳәм авиация байланыслары тараўында миллий бағдарламаларды үйлестириў ушын мәмлекетлеримиз Транспорт-логистика контурын ислеп шығыў басламасын алға қойды;

    - Бухара қаласында алдыңғы инженерлик шешимлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиўге қаратылған "Орайлық Азия - Россия" санаат инжиниринг хабын шөлкемлестириўди усыныс етти;

    - Ташкентте өткерилетуғын "Иннопром. Орайлық Азия" көргизбели форумына регионның тийкарғы санаат ҳәм инновация майданы статусын бериў усынысы менен шықты;

    - атом энергетикасы бағдарында Регионаллық компетенциялар орайын Өзбекстанда шөлкемлестириў, сондай-ақ, Москва мәмлекетлик инженерлик-физика институтының Ташкент филиалы негизинде Кадрлар таярлаў бағдарламасын қабыл етиў басламасын билдирди;

    - "Орайлық Азия ҳәм Россия энергетикалық шериклиги" комплексли бағдарламасын ислеп шығыў, сондай-ақ, углеводородларды излеў ҳәм қайта ислеў, энергия үнемлеўши ҳәм "жасыл" технологияларды енгизиў бойынша бирге ислесиўди

    - Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар бойынша Регионаллық эксперт кеңесин шөлкемлестириў, сондай-ақ, мәмлекетлерде "Сколково" инновация орайының филиалларын ашыўды усыныс етти;

    - "Келешек инженерлери" консорциумын дүзип, Орайлық Азия ҳәм Россияның жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайларының потенциалын бирлестириў және жас изертлеўшилер ҳәм илимпазлар ушын Арнаўлы грантлар бағдарламасын шөлкемлестириў идеясын алға қойды;

    - ҳәр жылы өткерилетуғын Орайлық Азия ҳәм Россия халықларының мәденияты, көркем өнери ҳәм дөретиўшилиги фестивалы - Этномәденият форумын шөлкемлестириў усынысын билдирди;

    - терроризм, экстремизм, киберқәўип-қәтерлер ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша биргеликте илажлар көриў әҳмийетли екенин атап өтти ҳәм Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги мәсләҳәтлерди өткериўди усыныс етти.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates