Бул фармацевтика кәрханасы инфузион препаратлар ислеп шығарыў бойынша жетекшилер қатарына киреди. Бүгинги күнде Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған инфузион еритпелердиң 20 проценти усы компания үлесине туўра келмекте.
Бундай дәри-дәрмақлар ең әҳмийетли медициналық өнимлерден есапланады. Оларды ислеп шығарыў стандарт таблетка дәрилик затларын таярлаўға қарағанда қурамалырақ технологиялық шешимлерди талап етеди, себеби еритпе тиккелей қан айланыў системасына өтеди. Демек, олар абсолют стериллик шараятында, жоқары анықлықта ҳәм халықаралық стандартларға толық сәйкес ҳалда таярланыўы керек.
Жойбардың улыўма баҳасы 30 миллион доллардан аслам болып, ҳәзирги ўақытта кәрханада 750 хызметкер жумыс ислемекте. Жыллық қуўатлылығы 135 миллиард сумлық 70 атамадағы 114 миллион дана дәри-дәрмақ. Олар сыртқы базарда өтимли болып, өнимниң 20 проценти экспортқа бағдарланбақта.
Усы жылдың ноябрь айында жойбардың екинши басқышы иске қосылып, өндирислик қуўатлылықлардың және де артыўы тәмийинленди. Ислеп шығарыў көлеми 30 миллион дана инфузион еритпелер, 70 миллионнан аслам қурғақ антибиотиклер ҳәм дерлик 20 миллион дана көз ҳәм мурын тамшыларын қурайды.
Мәмлекетимиз басшысы бул өнимлерди көзден өткерди, жойбардың гезектеги басқышы ҳаққында презентация өткерди.
Келешекте кәрханада ислеп шығарылатуғын өнимлердиң номенклатурасы 200 ге жеткериледи. Бул басқышта инекция ушын еритпелерди шийше ҳәм пластмасса флаконларда, таблетка ҳәм капсулаларда ислеп шығарыў өзлестириледи. Жумыс орынларының саны мыңға жеткериледи.
Президентимиз бул жерде ўәлаят белсендилери менен сөйлести.
Экономика, санаат, аўыл хожалығы, жаслар билимлендириўи, ўәлаяттың келешеги сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша ашық пикир алысылды. Мәмлекетимиз басшысы реформалардың нәтийжелилигин арттырыўда пуқаралардың интакерлиги шешиўши фактор екенин атап өтти.
- Өзгерислер, бәринен бурын, мәҳәллелерде сезилиўи керек. Сизлер адамлар менен бәрқулла пикирлесип, жасларға дурыс жол көрсетип барыўыңыз керек. Ҳәммемиз белсенди болсақ, ҳәрекетлеримиз, алып барып атырған реформаларымыз әлбетте нәтийже береди. Сырдәрьяға үлкен режелер менен келдик. Бул режелерди биргеликте додалап, әмелге асырамыз, - деди Президент.











