баннер
21 Mar 2025
13:48

    Президент: Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў - стратегиялық жолымыз

    Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

    Елимизде бул тараў жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки, қосымша қун ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдарға айланды. Кейинги бес жылда киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейди. Оларда 10 миллион 500 мың адам - улыўма бәнт халықтың 74 проценти дәрамат таўып, шаңарағын бақпақта. Экономика көлеминиң ярымынан көби, санаат ҳәм экспорттың үштен бир бөлеги усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте.

    Усы санлардың өзи-ақ мәмлекетимиз экономикасы ушын киши ҳәм орта бизнестиң қаншелли әҳмийетли екенин айқын көрсетип тур. Мәмлекетимиз басшысы сол себепли бул бағдарды қоллап-қуўатлаў буннан кейин де мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болатуғынын атап өтти.

    - Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў - бизиң стратегиялық жолымыз, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Ушырасыўда киши ҳәм орта бизнес бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында пикир алысылды.

    Атап айтқанда, 2025-жылы оның экономикадағы үлесин 55 процентке көтерип, 70 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыў;

    • жаңа базарларға кирип барыўда транспорт, сертификат ҳәм стандартына жәрдемлесип, киши бизнес экспортын өткен жылғы 9 миллиардтан 12 миллиард долларға алып шығыў;
    • ишимлик суўы, канализация, жол, қурылыс, коммунал хожалығы, жеткерип бериў, утилизация, миграция, мәденият ҳәм социаллық хызметлерде киши бизнестиң үлесин 2-3 есеге арттырыў;
    • 1,5 миллион турақлы жумыс орнын шөлкемлестирип, тараўда бәнт халықтың үлесин 75 процентке жеткериў;
    • 100 ден көп жумысшысы бар кәрханаларды 4 мыңға алып шығыў;
    • киши бизнесте жаңа 100 бренд өним шығарыўды жолға қойыў;
    • киши бизнестиң қатнасыўында 200 стартап жойбарды қаржыландырыў сыяқлы үлкен мақсетлер қойылмақта.

    Бул бағдарда сырт елли экспертлер менен биргеликте бағдарлама ислеп шығылды. Оған 2025-жылы барлық дәреклер есабынан 10 миллиард доллар қаратылмақта.

    Президентимиз буның нәтийжесинде киши ҳәм орта бизнеске жаратылатуғын жаңа имканиятларды айрықша атап өтти.

    Атап айтқанда, халықты исбилерменликке тартыў ушын 22 триллион сум муғдарында жеңиллетилген ресурс ажыратылады. Соның 2,5 триллион сумы жасларға, және сонша ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарларына қаратылады. Ҳаял исбилерменлерге кредит ставкасы басқаларға қарағанда 2 процент арзан болады.

    Быйылдан киши бизнеске 300 миллион сумға шекем кредит бериў басланды. Енди соңғы бир жылда ирилеп, киши ямаса орта кәрханаға айланған исбилерменлерге соның 150 миллион сумы гиреўсиз бериледи. Сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменлик бойынша да 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит болады.

    Бизнести қаржыландырыўда альтернатив дәрек сыпатында венчур фондлар ғалаба ен жаймақта. Бес жылда олардың қатнасыўында 145 миллион долларлық 53 стартап жойбар әмелге асырылған.

    Оны кеңейтиў мақсетинде мәмлекетлик банклер тәрепинен және 3 венчур компания ашылып, 50 миллион доллар фонд қәлиплестирилди. Сырт елден және 50 миллион доллар тартылады. Бул бизнести баслап атырған исбилерменлер ушын қосымша имканият болады. Ең әҳмийетлиси, бундай жойбарлар экономикаға жаңа бағдар, технология, инновация ҳәм жоқары қосымша қун алып келеди.

    Стартап арқалы жаратылған жоқары нәтийжели инновациялық өним ямаса хызметлер техникалық регламент ҳәм стандартларға киргизиледи. Бул оларға мәмлекетлик буйыртпа ушын жол ашады.

    Бизнес ушын жаратылған шараятлар есабынан кейинги үш жылда 250 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилди. Енди олардың жумысын кеңейтиў ушын орын ҳәм имарат керек. Сонлықтан ҳәкимлер жер таңлаўда, бәринен бурын, жумысын жолға қойып, раўажланыў тилегинде жүрген исбилерменлер сораған жерлерди аукционға шығарыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

    Және бир жаңалық: быйыл Қоңырат, Шымбай, Асака, Ғиждувон, Ғәллеарал, Яккабағ, Хатирчи, Чортоқ, Булунғур, Сырдәрья, Денов, Қува, Шават районлары және Янгийўл ҳәм Марғилан қалаларында барлық мәмлекетлик уйымлар бир көп қабатлы имаратқа көшириледи. Олардан босайтуғын 150 имарат аукционда исбилерменлерге усынылады.

    Бундай жаңалықлар аўыл хожалығы тараўында да бар. Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Ташкент ҳәм ойпатлық ўәлаятларында 5 мың гектардан аслам жер жаңа тәртипте ижараға берилмекте. Ол жерде исбилерменлер өзи қәлеген егинди егип, бир бөлегине сақлаў, сайлап алыў, қадақлаў қуўатлықларын қурыўы да мүмкин. Быйыл және 30 мың гектар жер усындай система тийкарында саўдаға шығарылатуғыны айтылды.

    Жақында "Өзагростар" холдинг компаниясы шөлкемлестирилген еди. Оның қурамында мийўе-овош жетистириўге қәнигелескен 16 компания ашылды. Енди, бул компаниялар ҳәр бир ўәлаятта мийўе-овошты қайта ислейтуғын агросанаат комплекслерин қурады. Оған дәслепки басқышта және 200 миллиард сум бериледи.

    Потенциаллы бағдарлардан және бири - өндирис. Орынларда буған умтылыўшылар көп, бирақ ҳәммеси жумысты неден баслаўды, қай жерден қәниге ҳәм технология алып келиўди билмейди.

    Сонлықтан, 20 районда киши ҳәм орта санаат кәрханаларын раўажландырыў бойынша жойбарлаў офислери ашылатуғыны мәлим етилди. Оларға сырт елли инженер, технолог, дизайнер, бухгалтер ҳәм маркетологлар алып келинеди. Оған усы жылдың өзинде 100 миллиард сум ажыратылады.

    Буннан тысқары, киши бизнесте жаңа "драйвер" болатуғын үскене ҳәм станоклар, медициналық қураллар, электроника санааты, логистика сыяқлы тараўларда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша өз алдына бағдарламалар қабыл етилетуғыны айтылды.

    Жаңа исбилерменлер "аяққа турып алыўы" ушын жумысының биринши жылы әҳмийетли. Соның ушын оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде "биринши имканият" принципи енгизиледи. Яғный, биринши мәрте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген исбилермен жуўапкершиликтен азат етилип, кемшиликти сапластырыў ушын имканият бериледи.

    Ҳәзирги ўақытта жумысты тоқтатыў ушын барлық категориядағы исбилерменлерге бирдей талап белгиленген. Енди бул процесс те әпиўайыласады. Соңғы үш жыллық айланысы 10 миллиард сумнан артпаған, салықтан қарызы болмаған кәрхананы ықтыярый сапластырыўда тексериў өткерилмейди.

    Бизге белгили, елимизде 2028-жыл 1-январьға шекем қосымша қун салығы ҳәм пайда салығы ставкасы арттырылмайтуғыны белгиленген. Енди киши ҳәм орта бизнеске қосымша талап ҳәм миннетлеме жүклейтуғын нормативлик ҳүжжетлерди қабыл етиўге де үш жыллық мораторий жәрияланды.

    Фермерлер ушын да әҳмийетли жаңалық: салықтан қарызын ўақтында төлей алмағаны ушын усы ўақытқа шекем жыйналып қалған 1 триллион сумлық пеняны өндириўден ўаз кешилди.

    Дүньяда кеңнен раўажланып атырған жасалма интеллект, санлы ҳәм жасыл технологиялар, креатив хызметлер тараўындағы жойбарларға да қолайлы шараятлар жаратып берилетуғыны атап өтилди.

    Өзбекстанда киши бизнести раўажландырыў стратегиясын халықаралық финанс шөлкемлери де қоллап-қуўатламақта. Президентимиз ушырасыўда Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Франция раўажланыў агентлигиниң ўәкилханалары басшылары менен де сөйлести. Халықаралық финанс шөлкемлерине әмелий бирге ислесиўи ҳәм көрсетип атырған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

    Ушырасыўда исбилерменлер шығып сөйлеп, жумысын кеңейтиў, жаңа базарларға кириў, стандартларды үйрениў, бренд жаратыў, стартапларды жүзеге шығарыў бойынша усынысларын айтты. Мәмлекетимиз басшысы буның ушын Киши бизнес ассоциациясын шөлкемлестириў басламасын қоллап-қуўатлады.

    Исбилерменлер бәрқулла нызам ҳәм мәмлекет қорғаўында екени атап өтилди.

    - Президент бәрқулла сизлерге ең жақын жәрдемши, сүйениш ҳәм таяныш болады. Сизлер жаңалық ислеўден шаршамаң, мен қоллап-қуўатлаўдан шаршамайман, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Ушырасыўда додаланған мәселелер ҳәм усыныслардан келип шығып, Президент пәрманы қабыл етилетуғын болды. Бул пәрмандағы жеңилликлер қосымша ҳүжжетлерди күтпестен тиккелей әмелиятқа киргизиледи.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech