Түркменстан Президенти Ғәрезсизлик монументине гүл қойды

    Ҳүкимет 17 қараша 2025 463

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов мәмлекетлик сапар менен елимизде болып тур.

    Жоқары мәртебели мийман 17-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте "Жаңа Өзбекстан" бағына барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

    Комплекс пенен танысыў ўақтында Түркменстан жетекшисине бул комплекстиң концепциясы ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

    "Жаңа Өзбекстан" бағы ҳәм Ғәрезсизлик монументи елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышлап қурылды. Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхы үш мың жылдан аслам дәўирди өз ишине алады. Монументке дыққат пенен нәзер тасласаңыз, бул уллы тарийхтың көркем сәўлелениўин көриўиңиз мүмкин.

    Жоқары мәртебели мийманлар ҳәм сырт ел рәсмий делегацияларының елимизге сапар етиўи шеңберинде естеликке гүл қойыў жақсы дәстүрге айланған.

    Мийманлар комплексте сәўлеленген уламаларымыз, уллы сәркарда ҳәм жаўынгерлер, ағартыўшы жадид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратты. Ўатанымыз, мәрт ҳәм тынышлықты сүйиўши, мийнеткеш ҳәм қаҳарман өзбек халқы ҳүрметине қурылған Мустақиллик монументи Түркменстан Президенти ҳәм делегация ағзаларында үлкен тәсир қалдырды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates