Өзбекстан Президенти Брюсселге жөнеп кетти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйенниң мирәт етиўине бола 23-октябрь күни рәсмий сапар менен Брюссель қаласына жөнеп кетти.

    Мәмлекетимиз басшысы Белгия пайтахтында Европа Аўқамының жетекшилери менен сөйлесиўлер өткереди. Көп қырлы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.

    Өзбекстан ҳәм ЕА арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

    Буннан тысқары, Бельгиялылар Патшасы Филипп ҳәм Европаның жетекши компаниялары ҳәм финанслық институтларының ўәкиллери менен ушырасыўлар режелестирилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates