Өзбекстан Президенти "Franklin Templeton" компаниясы менен шериклик кеңейип баратырғанын атап өтти

    Сиясат 23 қыркүйек 2025 1209

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Нью-Йорк қаласына сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде "Franklin Templeton" компаниясының президенти ҳәм бас атқарыўшы директоры Женни Жонсонды қабыллады.

    Мәмлекетимизде корпоратив басқарыў системасын түп-тийкарынан раўажландырыў мақсетинде компания менен стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    "Franklin Templeton" активлерди басқарыў ҳәм инвестиция хызметлерин көрсетиў бойынша дүньядағы ең ири компаниялардан бири болып есапланады. Дүньяның 30 мәмлекетинде 100 ден аслам ўәкилханалары бар. Компанияның базар капиталласыўы 12 миллиард АҚШ долларынан артады. Баҳасы 1,6 триллион АҚШ долларынан аслам активлерди басқарады.

    "Franklin Templeton" менен биргеликтеги инвестициялық фонд шөлкемлестирилип, мәмлекеттиң стратегиялық кәрханаларын трансформациялаў ҳәм олардың акцияларын глобал фонд базарларында жайластырыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

    Ташкент фонд биржасының потенциалын раўажландырыў бойынша оның еркинлиги ҳәм ашық-айдынлығын беккемлеў, фонд базарында инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў механизмлерин жаратыў, ири халықаралық депозит банклерин тартыў ҳәм санлы платформаларды енгизиўди нәзерде тутатуғын экспертлик жәрдемин көрсетиў бойынша келисимге ерисилди.

    Ири мәмлекетлик кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оларды IPОға шығарыў бағдарламаларын әмелге асырыўдан мәпдарлық билдирилди.

    Сондай-ақ, кадрлар потенциалын арттырыў, "жасыл" экономика стандартларын енгизиў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға итибар қаратқан ҳалда мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў ушын компанияның тәжирийбеси тартылады.

    Усы жылдың октябрь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Инвесторлар күнине биргеликте пуқта таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates