Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Тәжикстанда болады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 9-10-октябрь күнлери әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.

    Мәмлекетимиз басшысы Душанбе қаласында өтетуғын "Орайлық Азия - Россия" форматындағы екинши саммит ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасады.

    Болажақ илажлар күн тәртибинен көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда биргеликтеги жойбарларды алға қойыў, санаат, аўыл хожалығы, транспорт, энергетика ҳәм инфраструктура тараўларында кооперациялаў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў мәселелери орын алған.

    Жетекшилер халықаралық күн тәртиби ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли тәреплерин де додалайды.

    Саммитлердиң жуўмағында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бир қатар қоспа ҳүжжетлер ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates