Кейинги жылларда ең заманагөй стандартларға сай инфраструктура жаратылғаны себепли Самарқанд қаласы халықаралық көлемдеги ири илажлар - жоқары дәрежедеги саммитлер, конференция ҳәм конгресслердиң дәстүрий мәнзилине айланды.
2022-жылы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен "Уллы жипек жолы" комплексиниң қурылғаны бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығып, Самарқандтың халықаралық орай сыпатындағы потенциалын және де арттырды.
Комплексте сырт ел делегациялары ҳәм туристлерге хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, қолайлықларды кеңейтиўге қаратылған белгили жумыслар алып барылмақта, бир қатар жаңа объектлер қурылмақта.
Соның ишинде, орай аймағында улыўма майданы 1150 квадрат метр болған үлкен концерт залы қурылмақта. 100 адамды қабыл ете алатуғын мәденият орайы заманагөй акустика үскенелери менен тәмийинленбекте.
Президентимиз сырт ел делегациялары, еки тәреплеме ушырасыўлар ушын қолайлықларды арттырыў бойынша усыныслар берди.
Усы жердиң өзинде Самарқанд ўәлаятының ҳәкими аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўы бойынша мәмлекетимиз басшысына есап берди.
Усы жылы Самарқандта ири халықаралық әнжуманлар болып өтетуғынын атап өтиў керек. Бүгинги күнде "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити ҳәм Ықлым форумы, "Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери" саммити, ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясын өткериўге қызғын таярлық көрилмекте.