Мәмлекетимиз басшысы болажақ илажлар тек ғана Бухараның бай тарийхый мийрасын ҳәм заманагөй потенциалын көрсетип қоймастан, ал ўәлаяттың раўажланыўына да хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти. Таярлық илажлар өткерилетуғын майданлар менен шекленип қалмаўы керек: транспорт, хызмет көрсетиў, қәўипсизлик системасы ҳәм қала инфраструктурасын комплексли раўажландырыў зәрүр.

Мәжилисте жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм ири халықаралық илажларды шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Ҳәр бир министрлик ҳәм уйымға өз бағдары бойынша сырт елли шериклер менен сөйлесиўлердиң мазмунлы күн тәртибин таярлаў, мәмлекетимиздеги реформалардың әмелий нәтийжелерин көрсетиў ҳәм жаңа қоспа басламаларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бухарада заманагөй ситуациялық орайларды шөлкемлестириў, жәмийетлик орынлар ҳәм туристлик объектлерде жағдайды бақлаў, жол ҳәрекетин басқарыў ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде санлы технологиялардан пайдаланыў режелери додаланды. Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда профилактика инспекторларының "мәҳәлле жетилиги" менен бирге ислесиўин күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиз Бухараға келген мийманлардың дәслепки тәсири аэропорт, вокзал ҳәм жолларда болып атырғанын атап өтти. Соның ушын 300 миллион долларлық жаңа халықаралық аэропорт қурылысы, қаланы қала менен байланыстыратуғын 23,5 километрлик жол ҳәм әтирапындағы аймақлардың көклемзарластырылыўы көрип шығылды. Темир жол вокзаллары аймағын абаданластырыў, тоқтаў орынларын, жақтыландырыў, хызмет көрсетиў ҳәм жәмийетлик транспорттың жумысын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди. Қала ҳәм районлардың вокзал менен транспорт байланысын күшейтиў мақсетинде қосымша 120 автобус тартылады.

Сондай-ақ, Бухараның ықлым шараятынан келип шығып, жасыл аймақларды кеңейтиў мәселесине де итибар қаратылды. Терек ҳәм пута нәллерин егиў менен бирге, нәллерди тәрбиялаў ушын зәрүр болған суўғарыў ҳәм дренаж системаларын жаратыў мәселелери де көрип шығылды.

Инвестицияларды тартыў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын халықаралық илажлардан пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Санаат кооперациясы, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, транспорт, логистика ҳәм экспорт тараўларында сырт елли шериклер менен әмелий келисимлерге ерисиў бойынша усыныслар көрип шығылды. Ўәлаятта қайта тиклениўши энергетика, электр энергиясын жеткерип бериў ҳәм сақлаў инфраструктурасын раўажландырыў жойбарлары да додаланды.

Бухараның тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм туристлик имканиятларын кеңнен таныстырыў менен бирге, мийманларды заманагөй кәрханалардың жумысы, аўыл хожалығы, өнерментшилик ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жетискенликлер менен тиккелей таныстырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматларын арттырыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәденият тараўларындағы өзгерислерди әмелиятта көрсетиў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы таярлық процесинде жаратылған ҳәр бир объект, ҳәр бир система илажлар жуўмақланғаннан кейин де Бухара халқына хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге орынлардағы жумыслардың барысын жеке өзи үйренип, машқалаларды шешиў, барлық ўазыйпалардың орынланыўын анық муўапықластырыў бойынша тапсырмалар берилди.