Бул жерде еки күн алдын Гүлистан қаласындағы улыўма аўқатланыў орынларының биринде жүз берген газ баллонының жарылыўы ақыбетинде жәбирленгенлер емленбекте.
Орай басшылары ҳәм шыпакерлер Президентке наўқаслардың жағдайы, емлеў процеси ҳаққында мағлыўмат берди. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр қыйлы дәрежеде жарақат алған пуқаралар жатырған палаталарға кирип, олардың ҳал-жағдайынан хабар алды, шаңарақ ағзалары менен сәўбетлести.
Президент жуўапкерлерге жәбирленгенлерге барлық зәрүр медициналық жәрдем көрсетилиўин қатаң қадағалаўға алыў бойынша тапсырма берди. Қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына кеўил айтып, оларға материаллық жәрдем көрсетиў зәрүрлигин атап өтти.
Ўәкилликли уйымларға ҳәдийсениң келип шығыў себеплерин ҳәр тәреплеме үйрениў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, келешекте бундай жағдайлардың алдын алыў илажларын көриў, өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.











