Президентимиз Малайзия Ислам көркем өнери музейине барды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев рәсмий сапар шеңберинде Малайзия ислам көркем өнери музейине барды.

    Бул комплекс мәмлекеттиң ең ири музейлеринен бири есапланатуғынын атап өтиў керек. Ол 1998-жылы шөлкемлестирилген.

    Музей дәстүрий ислам архитектурасы усылында қурылған болып, оның улыўма майданы 30 мың квадрат метрден асламды қурайды.

    Имараттың гүмбезиниң ишки бөлегин безеў ҳәм реставрациялаў жумысларында өзбекстанлы усталар қатнасқан.

    Бул жерде 10 мыңнан аслам ислам көркем өнери үлгилери сақланбақта. Турақлы экспозицияда Қуран қолжазбаларының бийбаҳа топламы, гүлал ҳәм қымбат баҳалы буйымлар, қурал-жарақ үлгилери ҳәм имаратлардың макетлери, тағыншақлар, теңгелер ҳәм басқа да затлар көрсетилмекте.

    Музей фондында заманагөй Өзбекстан аймағында түрли тарийхый дәўирлерде жаратылған 200 ге шамалас сийрек ушырасатуғын экспонатлар айрықша орын ийелейди. Олардың арасында орта әсирлерге тийисли қолжазбалар, зергерлик буйымлары, белгили абр гезлемелери ҳәм кийим үлгилери, Шығыс Ренессансына тийисли гүлалшылық буйымлары бар.

    Мәмлекетимиз басшысы экспонатларды көзден өткериў ўақтында биргеликте изертлеўлер өткериў ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў, илимий ҳәм мәдений алмасыўды кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates