Атап айтқанда, Үргенш халықаралық аэропортында рәсмий делегацияларға хызмет көрсетиў ушын терминал қурылды, жаңа аэродром комплексин реконструкциялаўдың биринши басқышы жедел даўам еттирилмекте.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары усы жойбарлар менен танысыўдан басланды.
Аэропорт 1960-жылы иске түсирилген. 1992-жылы оған халықаралық статус берилген. Улыўма майданы 285 гектардан аслам бул комплекс жыллар даўамында мыңлаған жолаўшыларға хызмет көрсеткен. Ҳәзирги ўақытта аэропорт арқалы онлаған жетекши авиакомпания турақлы пәрўазларды әмелге асырмақта. Усы жылдың өзинде аэропорт тәрепинен 126 миллиард сумлық хызметлер көрсетилген болып, бул 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 31 процентке көп.
Бүгинги дүньяның раўажланыў пәти, туристлер ағымының өсип баратырғаны, халықаралық бирге ислесиў көлеми бар қуўатлықларды түп-тийкарынан арттырыў зәрүрлигин күн тәртибине қоймақта.
Үргенш халықаралық аэропортын кеңейтиў ҳәм модернизациялаўға жәми 264 миллион доллар инвестиция қаратылған. Жойбар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылмақта.
Дүньядағы ең алдыңғы, жоқары технологиялы ҳәм абырайлы авиация хабларын басқаратуғын Қубла Кореяның «Incheon International Airport Corporation» компаниясы жойбардың жеке меншик шериги сыпатында тартылған.
Президентимиз Хийўа ҳәм Үргенш қалалары ири халықаралық саммитлер, жоқары дәрежедеги дипломатиялық ушырасыўлар, абырайлы экономикалық ҳәм мәдений форумларды өткериў ушын глобал майданға айланып атырғанын атап өтти. Бундай илажларға келетуғын сырт елли делегациялар ушын жоқары қолайлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мәмлекеттиң халықаралық абырайын арттырыўға тиккелей хызмет ететуғыны атап өтилди.
Аэропорттағы реконструкция жумыслары шеңберинде “Boeing 747” ҳәм “Airbus A350” сыяқлы кең фюзеляжлы самолётларды қабыллаў ушын шараят жаратылмақта. Бул арқалы дүньяның түрли континентлеринен Хорезмге туўрыдан-туўры узақ магистраль қатнаўларды шөлкемлестириў мүмкин болады.
Биринши басқышта 18 самолётқа мөлшерленген тоқтаў орны ҳәм жаңа руль жолының қурылысы жуўмақланады. Буннан тысқары, аэропортта заманагөй шегара ҳәм виза қадағалаў пунктлери, ықшам бизнес зал, түрли саўда объектлери ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшалары, күни-түни жумыс ислейтуғын медициналық пункт, жәҳән брендлериниң өнимлери орнатылған “duty free” аймағы шөлкемлестирилмекте.
Жойбар жуўмақланғаннан соң, аэропорттың өткериў қуўатлылығы саатына 300 ден 1 мың 300 ге шекем артады.