"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) болып, думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 5-10 м/с. Ҳаўаның температурасы 2-4° жыллы.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын, қар), айырым жерлерде күшли болады. Айырым жерлерге думан түскен. Қар көшиў қәўипли. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.