"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда жаўын-шашын болмайды, тек ғана кеште қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 5-10 м/с. Ҳаўаның температурасы 24-26°.
Таўлы аймақларда жаўын-шашын болмайды, тек ғана Ташкент ўәлаятында қысқа мүддетли жаўын жаўады, бәлент таўларда қарға айланыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.









